Тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санаатында қайта ислеў шынжыры раўажландырылады

170

«Тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санаатында қайта ислеў шынжырын раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент пәрманы қабыл етилди.

Пәрманға бола, 2025-2027-жыллары тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санаатында қайта ислеў шынжырын раўажландырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип төмендегилер белгиленди:

– өнимлер экспортын 2025-жылы 4,0 миллиард АҚШ долларына, 2026-жылы 5,0 миллиард АҚШ долларына ҳәм 2027-жылы 7,0 миллиард АҚШ долларына жеткериў;

– АҚШ ҳәм Европа мәмлекетлери базарларына таяр өнимлер экспортын 500 миллион АҚШ долларына жеткериў;

– алдыңғы технологиялар ҳәм заманагөй дизайнерлик қолланбаларын кеңнен енгизиў ҳәм халықаралық брендлерди тартыў арқалы жәми экспортта таяр тигиў-трикотаж өнимлериниң үлесин 70 процентке жеткериў;

– ийирилген жипти терең қайта ислеўди және де раўажландырыў мақсетинде 5,0 миллиард АҚШ доллары муғдарында сырт ел инвестицияларын ҳәм кредитлерин тартыў.

Тоқымашылық тармағында қайта ислеўди тереңлестириў ушын қолайлы қаржы шараятларын жаратыў мақсетинде белгиленген қоллап-қуўатлаў механизмлери енгизиледи.

Жергиликли өним ҳәм брендлерди халықаралық «маркетплейс»лерде үгит-нәсиятлаў, жайластырыў ҳәм реклама етиў бойынша «Made in Uzbekistan» бағдарламасы әмелге асырылады.

«Саўданы раўажландырыў компаниясы» АЖ жанында факторинг шөлкеми шөлкемлестириледи.

ӨзА