Россия  ҳәм қытай жетекшилери не ҳаққында сөйлести

194

Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин ҳәм Қытай Халық Республикасы баслығы Си Цзиньпин арасында видео арқалы сөйлесиў болып өтти. Ушырасыўда еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шериклик, қәўипсизлик мәселелери ҳәм экономикалық бирге ислесиўдиң буннан былай да раўажландырылыўы додаланды.

Владимир Путин Россия ҳәм Қытай арасындағы саўда көлеми быйыл 7 процентке өсип, 220-245 миллиард АҚШ долларына жеткенин атап өтти. Россия Қытайға нефть ҳәм тәбийғый газ жеткерип бериў бойынша жетекши мәмлекет болып қалатуғынын атап өтиў керек. Путин, сондай-ақ, еки мәмлекеттиң энергетика тараўындағы бирге ислесиўин буннан былай да беккемлеў ҳәм басқа да тараўларда да бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Путинниң айтыўынша, фашизм үстинен ерисилген жеңистиң ҳақыйқый тарийхый мазмунын надурыс ямаса бузып көрсетиўге жол қоймаў, бул ўақыя ҳаққында ҳақыйқый мағлыўматты сақлап қалыў ҳәм келешек әўладларға жеткериў Россия ҳәм Қытай ушын айрықша әҳмийетке ийе. Екинши жер жүзилик урыстағы жеңисти еслеў еки халық ушын муқаддес болып табылады. Оның сөзлерине бола, Россия ҳәм Қытай бөлинбес қәўипсизликти тәмийинлеўде биргеликте жумыс алып бармақта ҳәм көп полюсли дүнья тәртибин қоллап-қуўатлайды.

Сондай-ақ, Си Цзиньпин Россия менен қатнасықларды 2025-жылы жаңа стратегиялық басқышқа көтериўге таяр екенин билдирди. Оның айтыўынша, Қытай ҳәм Россия арасындағы бирге ислесиў тек ғана энергетика тараўында емес, ал барлық тараўларда кең көлемли раўажланыўды тәмийинлеўге хызмет етеди. Қытай жетекшиси, сондай-ақ, шығыс бағдарындағы Қытай-Россия газ қубыры белгиленген мүддетинен алдын толық қуўатлылыққа шығарылғанын мәлим етти.

Сөйлесиў даўамында еки жетекши халықаралық көлемде көп полюсли дүнья тәртибин жаратыўға қаратылған ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлаўды, экономикалық бирге ислесиў ҳәм қәўипсизлик бойынша стратегиялық шерикликти буннан былай да беккемлеў нийетинде екенин билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги