Криминоген жағдай аўыр мәҳәллелер менен жаңаша ислеў механизмлери енгизиледи

«2025-жылда республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ўақтында алдын алыў системасының нәтийжелилигин және де арттырыў бойынша илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық, жуўапкер уйымлар ҳәм мәкемелер ушын 2025-жылы «Ҳәр бир мәҳәлледе ҳуқықбузарлықлардың ўақтында алдын алыў» тийкарғы ўазыйпа етип белгиленди.
Сондай-ақ, мәҳҳәллелерде ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға қаратылған бир қатар жол карталары ҳәм 2025-жылы республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталық жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ўақтында алдын алыў системасының нәтийжелилигин арттырыў бойынша мәнзилли илажлар бағдарламасы тастыйықланды.
Ҳуқықбузарлықлардың ўақтында профилактикасы, Бағдарлама ҳәм «жол карталары»ның орынланыўын қадағалап барыў ушын Бас прокуратура жанында Республикалық уйымлараралық муўапықластырыў жумысшы топары дүзиледи.
Енди, жынаят жүз берилген мәҳәллелерде илимий шөлкем ҳәм билимлендириў мәкемелери тәрепинен илимий процесслер тийкарында үйрениўлер өткериледи.
Барлық район (қала)дағы сектор басшыларына, Миллий гвардия қорғаў хызмети баслықларына ҳәм ишки ислер уйымлары баслықларының орынбасарларына 2025-жылы криминоген жағдай аўыр мәҳҳәллелер атпа-ат бириктириледи.
Жуўапкерлердиң жумысы ҳәр айдың жуўмағында – ишки ислер министри жанында, ҳәр шеректиң жуўмағында – Бас прокурор жанында, ҳәр ярым жылда Бас министр жанында сын көзқараста додаланады, ҳәр бир мәҳәлле кесиминде Президентке мәлимлеме берип барылады.
Қарарға муўапық, ўәлаятлар орайлары ҳәм криминоген жағдай аўыр район (қала)лар мәҳәллелеринде профилактикалық киши инспекторы жумысы жолға қойылады. Киши инспектор мийнет мигрантлары, мектеп питкериўшилери ҳәм студентлер менен бирге ислеседи.
Ишки ислер уйымларында миграциялық профилактика бөлимлери, районлараралық ҳәкимшилик конвой топарлары шөлкемлестириледи.
Сынақ түринде криминоген жағдай аўыр аймақлардағы профилактика бөлимлеринде ҳәкимшилик әмелият топарларының жумысы жолға қойылады ҳәм олар жынаят исин қозғатыўдан бас тартыўғ
а байланыслы ҳүжжетлерди рәсмийлестиреди.
Мәҳәлле ҳуқық-үгит-нәсиятлаў орайларының жумысы жолға қойылады. Оған профилактика (үлкен, киши) инспекторлары, ҳаял-қызлар мәселелери бойынша, пробация, жол картасы қәўипсизлиги ҳәм патруль-пост хызметлериниң инспекторлары ҳәм оператив-излеў хызметиниң хызметкери киргизиледи, Миллий гвардия қорғаў бөлимлериниң нарядлары хызмет алып барыўы шөлкемлестириледи.
Нәтийжеде – 5 ге шекем мәҳәлле микроаймаққа бирлестириледи ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў бойынша тез ҳәрекетлениў системасы жаратылады.
ӨзА