АҚШ Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминен шықты

Күни кеше рәсмий президентлик жумысын қайта баслаған Дональд Трамп Америка Қурама Штатлары Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми – ЖДСШ қурамынан шығыўы ҳаққындағы пәрманға да қол қойды.
Мәмлекет басшысы усы қарарына себеп сыпатында ЖДСШ COVID-19 пандемиясы ҳәм басқа халықаралық көлемдеги тийисли кризислерге улыўма дурыс мүнәсибетте болмағанын келтирген.
– Дональд Трамп ЖДСШ «Шөлкемге ағза мәмлекетлердиң артықша сиясий тәсиринен еркин ҳәрекет ете алмағаны ҳәм Қурама Штатлардан Қытай сыяқлы мәмлекетлер усыныс еткен муғдарға сәйкес емес, әдилсиз ҳәм аўыр төлемлер талап еткени»н атап өтти, деп жазды «Reuters».
– Дүнья саламатлығы бизди алдады, ҳәмме АҚШты алдамақта, – деп қосымша еткен Трамп. Бул басқа қайталанбайды.
Бул қәдем АҚШ 12 ай ишинде БМШ Денсаўлықты сақлаў агентлиги қурамынан шығыўы ҳәм структураға қосып атырған ҳәр қандай қаржылай үлесин тоқтатыўын аңлатады.
ЖДСШ қәрежетиниң шамалап 18 процентин қаплап келген АҚШ ҳәзирге шекем шөлкемниң ең ири қаржыландырыўшы бирге ислесиўшиси еди. Жәмәәттиң 2024-2025-жылларға мөлшерленген соңғы еки жыллық бюджети 6,8 миллиард долларға тең.
Бир неше ишки ҳәм сыртқы экспертлердиң пикирине бола, АҚШтың кетиўи шөлкемдеги бағдарламалар, әсиресе, туберкулез, АИВ/АИЖС сыяқлы кеселликлер менен байланыслы түрли айрықша жағдайларды муўапықластырыўда қәўип туўдырыўы мүмкин.
Г.Сатторова, ӨзА