Студент-жаслардың пикир-усыныслары дыққат-итибарда

Ректор ҳәм студент-жаслар ушырасыўы – бул оқыў орынларында билимлендириў ҳәм илимниң раўажланыўы, студентлердиң турмысы ҳәм институтта әмелге асырылып атырған жаңаланыўлар ҳаққында пикир алмасыў ушын оғада әҳмийетли илаж болып табылады. Бундай ушырасыўлар студентлерге басшыға өз сораўларын бериў, машқалаларды ашық-айдын билдириўи, ректор болса өз режелери ҳәм институттағы жаңа басламалар ҳаққында мағлыўмат бериўи ушын имканият жаратады.
Усы мақсетте Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында барлық факультетлер кесиминде «Ректор ҳәм жаслар» ушырасыўлары шөлкемлестирилмекте,-деп хабар бермекте институттың баспасөз хаткери И.Мәтеков.
Институт ректоры Қ.Қодиров гезектеги усындай ушырасыў шеңберинде Баслаўыш тәлим факультетиниң студентлери менен ашық сәўбетлесиў өткерди.
Илажда ректор студент-жаслардың машқалалары ҳәм усынысларын тыңлап, олардың пикирлери, басламалары тийкарында институттағы билимлендириў процесин еле де жетилистириў бойынша алдағы режелери менен ортақласты.
Ушырасыўда студентлер де өзлериниң пикир-усынысларын билдирип, оқыў ҳәм әмелият барысындағы машқалаларды атап өтти. Жаслар ушын көбирек бос ўақытларын мазмунлы өткериў, әмелий көнликпелерге ийе болыў, стажировкалар шөлкемлестириў, оқыў процесин заманагөй технологиялар менен тәмийинлеў, жаслардың китапқумарлық мәдениятын арттырыў бойынша таңлаўлар шөлкемлестириў, студентлерге ҳәр қыйлы тараўларда қосымша тренинглер өткериў бойынша усыныслар билдирилди.
Ректор институттың билимлендириў сапасы ҳәм студент-жаслар ушын жаратылған шараятларды турақлы түрде жаңалаўға айрықша дыққат қаратылып атырғанлығын атап өтип, студентлерге алдағы ўақытлары да өз пикир-усынысларын билдириўи ушын имканиятлар жаратылатуғыны ҳәм бул арқалы институттың жумысларын буннан былай да нәтийжели шөлкемлестириў режелестирилип атырғанлығын мәлим етти.
Сондай-ақ, ректор ушырасыў даўамында жаслардың билим алыўға болған қызығыўшылығын хошаметлеў, олардың билим ҳәм көнликпелерин раўажландырыў мақсетинде жаңа басламалар ислеп шығылатуғынлығы туўралы мағлыўмат берди.

Әлбетте, бундай ушырасыўлар студент-жаслардың басламаларын әмелге асырыў ушын тийкар жаратады. Институт ректорының факультетлер кесиминдеги студентлер менен ушырасыўлары даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги