Гвардиола Абдуқодир Ҳусанов ҳаққында өз пикирин билдирди

217

Чемпионлар Лигасының 7-турынан орын алған «ПСЖ»—«Манчестер Сити» ойыны алдынан Англия чемпионының бас тренери Хосеп Гвардиола командаға жаңадан қосылған ойыншылар Абдуқодир Ҳусанов ҳәм Рейс ҳаққында өзиниң пикирлерин билдирди.

-Командамызға қосылған ойыншыларға «Сити» шаңарағына хош келипсиз деймен. Олардың клубқа қосылғанынан қуўанышлыман. Олар жас ойыншылар, көп жыллар даўамында командамызда болыўы режелестирилген.

Ҳусанов Францияда ойнаған. Ол әжайып физикалық көрсеткишлерге ийе. Оның инглис тилин илажы барынша тезирек үйренип алыўына үмит етемиз. Рейс болса, бразилиялы әжайып жас футболшы.

Олар Чемпионлар лигасында 1/8 финал басқышына шыққанымыздан соң бизлерге жәрдем береди. АПЛда болса, олар ҳәзирден баслап ойнаў имканиятына ийе», дейди бас тренер.

Мағлыўмат ушын айтып өтиўимиз керек, «ПСЖ»—«Манчестер Сити» ушырасыўы бүгин 22- январь күни болып өтеди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы