Қоңырат районында кәсипке үйретиў орайы пайдаланыўға тапсырылды

«Басламалы бюджет» жойбарының 2024-жылдың 2-мəўсиминде Қоңырат районындағы 37-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 1 қабатлы оңлаў зәрүр болып қалған имаратын оңлаў ҳəм оқыўшыларды кəсипке үйретиў орайын шөлкемлестириў бойынша 1 млрд. 360 млн. сумлық ақша ажыратыў усынысы киргизилип, даўыс бериў нəтийжелерине бола бул жойбар жеңимпаз деп табылған еди.
Мектептиң оқыўшыларды кəсипке үйретиў орайының имараты «Нөкис қутлы қәдем» жуўапкершилиги шекленген жəмийети тəрепинен əмелдеги оңлаўдан шығарылып, кең жәмийетшилик ўәкиллери, тараў ветеранлары, мийнет жәмәәтиниң қатнасыўында пайдаланыўға тапсырылды.
Оқыў орайының ашылыў салтанатында район ҳәкими Б.Мадаминов шығып сөйлеп, Президентимиздиң басламасы менен “Жаңа Өзбекстан – мектеп босағасынан, тəлим-тəрбиядан басланады” деген идеясы тийкарында алып барылып атырған кең көлемли реформаларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, бул орай аймақтағы жаслардың оқыў менен бир қатарда кәсип-өнер ийелеўине үлкен мүмкиншилик жаратады. Жаслар да жаратылған усындай шараятлардан утымлы пайдаланыўы, елимизге зәрүр қәниге, кәмил инсан болып жетилисиўи ушын ҳәрекет етиўи керек.
Кәсипке үйретиў орайында компьютер операторы, тигиўшилик, темир устасы дөгереклери шөлкемлестирилген болып, кәсипке үйретиў ҳәм пән дөгереклерине 179 оқыўшы қамтып алынған.

Илаж қатнасыўшылары орайда жаратылған шараятлар менен танысып, пикир-усынысларын билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги