Пуқаралардың ҳәр бир мүрәжаты дыққат пенен тыңланды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Тақыятас районындағы бир қатар мәҳәллелердиң пуқаралары менен ушырасып, машқалаларын тыңлады.
Дәслеп, шетки Сарайкөл аўыл пуқаралар жыйыны турғынлары менен ушырасқан Жоқарғы Кеңес Баслығы мәҳәлледеги инфраструктура менен байланыслы мәселелер басқышпа-басқыш өз шешимин табатуғынлығын, Президентимиздиң тапсырмасы менен халқымыздың турмысын жақсылаў бойынша орынлы көтерилген машқалалар сапластырылатуғынлығын атап өтти.
Усы жерде аймақ турғынлары таза ишимлик суўы менен байланыслы машқаласы бар екенлигин билдирип, бул машқаланы сапластырыўға 30 млн. сум қаржы ажыратылды.
Буннан соң «Жайҳун» мәҳәллеси турғынлары менен өткерилген ушырасыўда газ тармақларын тартыў мәселеси көтерилип, бул машқаланы шешиў ушын керекли болған 30 млн. сум қаржыны бүгинниң өзинде ажыратыў бойынша тийисли тапсырма берилди. Пуқаралар менен пикирлесиў барысында Жоқарғы Кеңес Баслығы Айдын жол ҳәм Дослық мәкан пуқаралар жыйынларының турғынлары менен де ушырасып, аўыр шараяттағы бул мәҳәллелерди абаданластырыў ушын Президентимиз тәрепинен тийисли қаржылар ажыратылғаны, инфраструктура менен байланыслы машқалалар өз шешимин табатуғынлығын атап өтти. Өз гезегинде аймақ турғынлары да Президентимиздиң бундай итибары ҳәм ғамхорлығы ушын айрықша миннетдаршылығын билдирди.

Жоқарғы Кеңес Баслығы район аймағында социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақларды жайластырыў ушын қайта реконструкцияланып атырған объекттеги жумысларды барып көрди ҳәм қурылыс жумысларын сапалы етип жуўмағына жеткериў керек екенлигин атап өтти. Ҳәзирги ўақытта бул жерде 45 шаңараққа мөлшерленип, оңлаў жумыслары әмелге асырылмақта. Сондай-ақ, қосымша 27 шаңарақты жайластырыў ушын жаңа имарат қурылыўы белгиленген.
Буннан соң район орайындағы дийқан базары барып көрилди. Жуўапкерлерге қарыйдарлар ҳәм сатыўшыларға қолайлы шараятлар жаратыў, сондай-ақ, әмелге асырылыўы керек болған басқа да әҳмийетли илажлар бойынша анық тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги