Үшкөпир тәжирийбесин Беруний районында енгизиў бойынша келисимге ерисилди

Исбилерменликке итибар жылдан-жылға артып бармақта. Себеби, исбилерменлик халықтың турмыс шараятын жақсылаў, абаданлығын арттырыў ушын әҳмийетли бағдар болып есапланады. Беруний районында да халықты исбилерменликке кеңнен тартыў бағдарында бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта.
Беруний районы ҳәкиминиң орынбасары, инвестиция ҳәм сыртқы саўда бөлими баслығы Ш.Кенжаев ҳәм райондағы исбилерменлер Ферғана ўәлаяты Үшкөпир районындағы өндирис ҳәм исбилерменлик жумысы менен танысып, жойбарларды Беруний районында да енгизиў бойынша пикир алысты.

Кафель, гипсакартон, кабел ислеп шығарыў заводларының жумысы менен танысты. Сондай-ақ, ун заводтағы заманагөй технологиялардың ислеў процесин бақлады. Аймақтағы Қытайлы инвесторлар менен сәўбетлесиў даўамында «Қарақалпақстанда бизнес ислең» бағдарламасы шеңберинде Беруний районында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисип алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги