Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасында денсаўлықты сақлаў тараўында бирге ислесиў байланыслары және де кеңейтиледи

Денсаўлықты сақлаў министри Асылбек Худяров Қазақстан Президентиниң ислер басқармасы медицина орайы басшысы Алексей Цой басшылығындағы делегация ағзалары менен ушырасыў өткерди. Онда сол мәмлекеттиң мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Бейбут Атамқулов та қатнасты.
Бул ҳаққында ДСМ баспасөз хызмети хабар берди.
Сөйлесиўден алдын мийманлар Өзбекстан Президенти Администрациясы жанындағы Медицина бас басқармасының 1-санлы Орайлық консультатив-диагностика поликлиникасында болып, оның жумысы менен жақыннан танысты. Атап өтилгениндей, соңғы жыллары еки мәмлекет арасында денсаўлықты сақлаў тараўында өз-ара пайдалы бирге ислесиў байланыслары избе-из раўажланбақта.
Атап айтқанда, бүгинги күнде 100 ден аслам қазақстанлылар мәмлекетимиздиң түрли медициналық жоқары билимлендириў мәкемелеринде билим алмақта.
Сондай-ақ, 2024-2025-оқыў жылынан Бухара мәмлекетлик медицина институты ҳәм Аль-Фарабий атындағы Қазақстан миллий институты менен бирге ислесиўде биргеликтеги билимлендириў бағдарламасы жолға қойылған.
Елимиз медицина мәкемелеринде қазақстанлы кәсиплеслердиң қатнасыўында шеберлик сабақлары ҳәм көргизбели хирургиялық операцияларды өткериў дәстүрге айланған. Сөйлесиў даўамында Денсаўлықты сақлаў министри А.Худяров бул бағдардағы бирге ислесиўди және де раўажландыырў бойынша өз усынысларын билдирди.
Ушырасыў даўамында еки тәреплеме байланыслардың бүгинги жағдайы ҳәм перспективадағы режелер додаланды.
Соның ишинде, Алексей Цой өзи басшылық етип атырған медицина мәкемесинде жолға қойылған менеджмент системасы ҳаққында мағлыўмат берди. Бул алдыңғы тәжирийбе мәмлекет сегментин бәсекиге шыдамлы тармаққа айландырыўға ҳәм кадрлар потенциалы ҳәм емлеў көрсеткишлерин жақсылаўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
ӨзА