Жумыслар жақсы жолға қойылмақта

227

Президентимиз тәрепинен Аралбойы  аймақларында экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, жасыл майданларды сақлаў ҳәм және де көбейтиў мақсетинде алып барылып атырған «Жасыл мәкан» улыўма миллий ҳәрекети өзиниң нәтийжесин көрсетип, ҳәр жылы бәҳәр ҳәм гүз мәўсиминде нәл егиў  жумыслары жақсы жолға қойылмақта.

Абаданластырыў басқармасы Беруний районлық бөлими тәрепинен, өткен  2024-жылғы «Жасыл мәкан» улыўма миллий ҳәрекети шеңберинде район аймағындағы «Халықлар дослығы» ҳәм «Кат»  көшелеринде 1375 түп павлония ҳәм каталпа тереклери гүз мәўсиминде егилип, режедеги 65 мың түпти егиў ислери толық орынланған. Бүгинги күнде болса Абаданластырыў бөлими хызметкерлери тәрепинен  ыссыхана ҳәм питомниклерде каталпа, павлония, шырша, тут, жийде, ҳәр түрли гүллер, ақ ҳәм қара талдың нәллери менен қәлемшелери таярланып, тәрбиясы берилип барылмақта.

– Елимизди көклемзарластырыў мақсетинде алып барылып атырған «Жасыл мәкан» жойбарына үлес қосып атырғаныма қуўанышлыман. Ҳәзир ыссыханада   нәллерди тәрбиялаў ушын оннан аслам ҳаял-қызлар жумыс алып барып атырмыз. Қуда қәлесе бул жумысларымыз өз нәтийжесин берип, елимиздиң, перзентлеримиздиң келешеги ушын ҳәм  экологиямызды жақсылаўға тийкар болады,  деп үмит етемиз,-дейди абаданластырыў бөлими хызметкери Айнура Даўлетбаева.

Қарақалпақстан хабар агентлиги