Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Америка Қурама Штатлары Президенти Дональд Трампты усы лаўазымға рәсмий кирискени мүнәсибети менен қутлықлады

288

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң хатында Дональд Трамптың жаңа мүддеттеги хызмети даўамында АҚШтың халықаралық майдандағы абырайы ҳәм мәртебеси, экономикалық қүдирети ҳәм потенциалы, глобал көлемдеги орны ҳәм әҳмийети және де артыўына исеним билдирди.

Өзбекстан АҚШтың мәмлекетимиз ғәрезсизлиги, суверенитети ҳәм аймақлық пүтинлигин турақлы қоллап-қуўатлаўға қаратылған сиясатын жоқары баҳалайды ҳәм айрықша қәдирлейди.

«Сизиң биринши Президентлик дәўириңизде Өзбекстан-АҚШ арасында жаңа дәўирдеги стратегиялық шериклик байланыслары орнатылғанын ҳәм көп тәреплемели байланысларымыз жоқары басқышқа көтерилгенин атап өтиўди қәлер едим. Биз буннан кейин де еки ҳәм көп тәреплеме платформалар шеңберинде узақ мүддетли бирге ислесиўимизди  және де раўажландырыўдан  мәпдармыз»,

-делинеди Президентимиз хатында.

Сондай-ақ, Шавкат Мирзиёев Дональд Трампты сапар менен Өзбекстанға келиўге мирәт етти.