Ҳусанов «Манчестер Сити» қурамында қашан ойынға түседи?
258

Кеше Англия чемпионы «Манчестер Сити» клубы Өзбекстан сайланды командасы ағзасы Абдуқодир Ҳусанов пенен рәсмий түрде шәртнама дүзгенин жәриялаған еди.
Ҳәзир көпшилик футбол жанкүйерлерин Ҳусановтың Премьер-лигада қашан ойынға түсетуғынлығы қызықтырып атырғаны тәбийғый.
Соңғы мағлыўматларға қарағанда, Абдуқодирдиң «Манчестер Сити»деги дебюти 25-январь күни әмелге асыўы мүмкин. Себеби, усы күни Гвардиола басқарыўындағы команда «Этихад Арена»да өзиниң әзелий қарсыласларының бири болған Лондонның «Челси» клубы менен ойын өткереди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы