Оқыўшылар ушын қысқы аттестация басланды
212

Ташкенттеги Республикалық олимпиада ҳәм параолимпиада спорт түрлерине таярлаў орайында оқыўшылар ушын дәстүрий қысқы аттестация басланды.
Онда орайдағы барлық спортшылардың ярым жыллық мүддетте ерискен нәтийжелери, сабақ ҳәм шынығыўларды өзлестириў көрсеткишлери талқыланып, мүнәсиплери сайлап алынбақта.
Процесслерди ата-аналар да тиккелей бақлаў имканиятына ийе. Бул жағдай процесслердиң ашық-айдынлығын тәмийинлейди. Тренерлердиң алдына оқыўдан шетлетилгенлердиң орнына, потенциалы жоқары талабанларды алыў, бир сөз бенен айтқанда селекция жумысларын дурыс жолға қойыў мәселеси қойылмақта.
Сондай-ақ, бир қатар спортшылар ҳәм олардың ата-аналарына миннетдаршылық хаты тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги