Жойбар бойынша жумысларды жеделлестириў тапсырылды

172

Соңғы жылларда Президентимиздиң басламасы менен республикамызда аўыл хожалығын раўажландырыў бағдарында бир қатар илажлар әмелге асырылып, соннан суўды үнемлеўши технологияларды кеңнен енгизиў, ири  халықаралық жойбарлар шеңберинде тараўды раўажландырыўға  сырт ел инвестицияларын тартыўға үлкен итибар қаратылмақта.

Республикамызда хызмет сапарында болып турған Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министриниң орынбасары А.Шукуров, Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министриниң орынбасары Н.Каюпов ҳәм Жәҳән банки хызметкерлери Қарақалпақстан дийқаншылық илимий-изертлеў институтына барып, институтта әмелге асырылып атырған илимий жумыслар менен жақыннан танысты.

Бар машқалаларды сапластырыў ҳәм институттың тәжирийбе хожалығының материаллық-техникалық базасын беккемлеў мақсетинде, Өзбекстан Аўыл хожалығын модернизациялаў жойбары шеңберинде, институтқа ажыратылған 600,0 мың АҚШ долларлық қаржыны өзлестириў бойынша тапсырмалар берилди.

Сондай-ақ, ушырасыў даўамында институтта мийнет етип атырған илимпазлар бенен биргеликте пикир алысып, жаратылып атырған жаңа егин сортларының егислик майданларын кеңейтиў бойынша көрсетпелер берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги