Бағдарламалық ҳүжжет жойбары бойынша усыныслар билдирилди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан – 2030» стратегиясын «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы пәрманы жойбары ислеп шығылып, кең жәмийетшиликтиң додалаўы ушын жәрияланды.
Халқымыз – түрли тараў ўәкиллери, зыялылар ҳәм жаслар жойбар бойынша өз усынысларын бермекте.
Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги жанындағы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елли мәмлекетлер менен дослық қатнасықлары комитетинде мәмлекетлик бағдарлама жойбарын додалаў шөлкемлестирилди.
Соңғы жылларда Өзбекстанда қабыл етилип атырған әҳмийетли ҳүжжетлер, әсиресе мәмлекетимиздиң раўажланыўына тиккелей байланыслы есапланған стратегиялық ҳүжжетлердиң жойбарларын таярлаўда кең жәмийетшилик, сондай-ақ сырт елли экспертлер ҳәм халықаралық жәмийетшиликтиң пикир-усынысларын үйрениўге үлкен әҳмийетке қаратылып атырғанын атап өтиў зәрүр.

Бул илаж быйылғы жылғы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққындағы пәрман жойбарының мазмун-мәниси ҳәм онда белгиленип атырған тийкарғы илажлар ҳәм ўазыйпалар ҳаққында мағлыўмат бериў, концептуал усыныс, усынысларды алыў арқалы ҳүжжетти және де жетилистириў мақсетинде өткерилди.
Мәмлекетлик бағдарлама жойбарында 5 тийкарғы бағдар бойынша 2025-жыл ушын әмелий илажлар, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер дизими ҳәм мақсетли көрсеткишлер нәзерде тутылмақта.
Комитет баслығының орынбасары Азамат Тошев «Өзбекстан-2030» стартегиясының 5 бағдары кесиминде 2025-жыл ушын мөлшерленген әмелий илажлар, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер дизими ҳәм мақсетли көрсеткишлер мәмлекетимиздиң турақлылығын ҳәм халық абаданлығын кепиллеўге хызмет ететуғын әҳмийетли стратегиялық ҳүжжет екенин атап өтти.

– Мәмлекетлик бағдарлама бойынша халықтың пикири соралып атырғаны итибарға ылайық, – дейди Комитет баслығының орынбасары Азамат Тошев. – Жәмийетшиликтиң додалаўында, бәринен бурын әҳмийетли қарарлар қабыл етиўде халықтың тилегин есапқа алыў, бул мақсетти әмелге асырыў, мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ашықлығын, олардың жәриялылығын көрсетеди, «Өзбекстан -2030» стратегиясындағы кең көлемли мақсет ҳәм ўазыйпаларды быйылғы жылы нәтийжели әмелге асырып, халқымыздың күнделикли турмысында унамлы өзгерислерге ерисиў бойынша системалы ҳәрекетлерди даўам еттириўге хызмет етеди.
Өз-ара пикирлесиў даўамында 2025-жылғы мәмлекетлик бағдарламаның мазмун-мәниси, ондағы тийкарғы илажлар, ўазыйпалар ҳаққында пикирлер билдирилди.
Атап өтилгениндей, мәмлекетлик бағдарламада 295 әмелий илажлар, 87 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер, 269 мақсетли көрсеткишлердиң белгилениўи нәзерде тутылмақта. Ҳәр бир шахс өзиниң кәсиплик жумысынан келип шығып өзиниң пикир-усынысларын uzbekistan2030.uz онлайн порталы арқалы билдирмекте.

Жүзинши мақсет, әйне, жәмийетте миллетлераралық татыўлық орталығын беккемлеў ҳәм сырт мәмлекетлер менен дослық қатнасықларын раўажландырыў шеңбериндеги реформаларды өз ишине алған болып, онда әмелге асырылыўы нәзерде тутылған илажлар ҳаққында сөз болды.
Илаж шеңберинде миллий мәдений орайлардың басшылары Өзбекстанда миллетлераралық қатнасықлар тараўында алып барылып атырған сиясат, мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлерге жаратылған кең имканиятлар ушын өз миннетдаршылықларын билдирди.
Комитет мәжилисинде мәмлекетлик бағдарлама жойбарының мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке жектериў, оны және де жетилистириў бойынша усынысларды бериў бағдарында Комитет алдында турған ўазыйпалар бойынша тийисли қарар қабыл етилди.
Н.Усмонова, ӨзА