Жәрдемши хожалықларды көбейтиў күнниң талабы

Алдын хабар берилгениндей, Қарақалпақстандағы суў хожалығы мәкемелеринде жәрдемши хожалықларды шөлкемлестириў бойынша жумысларды үйрениў даўам етип, бундай илаж Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлигине қараслы Жағалықты қорғаўшы дамбалар ҳәм аңғарды бағдарлаўшы қурылмалар басқармасының аймақлық участкаларында да алып барылды.
Басқарма жуўапкерлериниң берген мағлыўматларына қарағанда, жумысшы-хызметкерлерди социаллық жақтан тәмийинлеў ҳәм қосымша хошаметлеў мақсетинде 5 аймақлық бөлимге қараслы қорғаў зоналарындағы жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде жәрдемши хожалықлар дүзилди. Сондай-ақ, “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде әмелдеги жер майданларын ҳәм суў хожалығы объектлери әтирапларын абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў мақсетинде ҳәр қыйлы мийўели ҳәм саяманлы терек нәллери егилди.
– “Жасыл мәкан” жойбары бойынша өткен егиў мәўсиминде 14 мың 807 түп терек нәллери экология платформасына киргизилди,-дейди Жағалықты қорғаўшы дамбалар ҳәм аңғарды бағдарлаўшы қурылмалар басқармасының жуўапкер жумысшысы М.Худойбергенов. – Аймақлық бөлимлерде шөлкемлестирилген жәрдемши хожалықларда 12 қара мал, 35 қой, 40 ешки, 50 түйе таўық, 342 таўық, 50 үйрек ҳәм 60 қоян бағылмақта. Әлбетте, жәрдемши хожалықларда бағылып атырған бул шарўа маллары ҳәм қуслар жумысшы-хызметкерлерди қосымша хошаметлеп барыў имканиятын жаратпақта.

Соның менен бирге, жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде, 21 гектарлық майданға гүзги мәўсимде тоқсанбасты егинлер, атап айтқанда, чеснок, пияз егилген болса, Елликқала аймақлық бөлими участкасында 2 сотых майданда лимонария шөлкемлестирилди. Беруний бөлиминде жайласқан жәрдемши хожалықтың 3 гектарлық майданында ғәлле егилип тәрбияланбақта.
– Биз, үйрениўлер даўамында басқарманың Елликқала бөлиминдеги жумысларды көрип, жәрдемши хожалықты нәтийжели шөлкемлестириў ушын қызғын жумыс исленип атырғанлығының гүўасы болдық,-дейди Сүў хожалығы министрлиги баспасөз хызметиниң баслығы Ғ.Атажанов. – Бул ҳаққындағы видеокадрларымызды тамашалаған басқа суў хожалығы мәкемелери де усындай жәрдемши хожалықларды шөлкемлестириўге үлкен итибар қаратыўды баслайды, деген исенимдемиз.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги