Жарыста ҳәр бир жас жеңимпаз болыўға ҳәрекет етти

Бүгинги күнде елимизде инсан қәдири ҳәмме нәрседен жоқары екени дерлик ҳәр күни майыплығы бар инсанларға көрсетилип атырған ғамқорлықлар, ҳәр қыйлы қайырқомлық илажларда да айқын көринбекте.
Шоманай районында да бул мәселеге айрықша итибар қаратылмақта. Районның мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплериндеги имканияты шекленген, жеке түрде үй шараятында оқып атырған оқыўшылардың сабақтан тыс ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде гезектеги илаж – спорттың шашка түри бойынша жарыс өткерилди.
Жарыс оқыўшылардың интеллектуаллық мүмкиншилигин көрсетиў ҳәм олардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириўге қаратылғаны менен әҳмийетли.
Жарыста оқыўшылар өзлериниң интеллектуаллық қәбилетин көрсетип, ҳәр бири жарыс жеңимпазы болыўға ҳәрекет етти.
Жеңимпазлар анықланып 1-орынды 7-мектептиң оқыўшысы Д.Раймбергенов, 2-орынды 16-мектептиң оқыўшысы Ҳ.Сапарниязова, ал, 3-орынды 7-мектептиң оқыўшысы А.Муратбаевалар ийеледи.


Жеңимпазлар жарыс шөлкемлестириўшилери тәрепинен таярланған ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги