Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды исбилерменликке тартыў ҳәм дәраматларын арттырыў бойынша қатнаслар енгизиледи

«2025-жылы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.
Қарарға бола, 2025-жылы халықты дәраматлы мийнет пенен тәмийинлеў бағдарламасы ҳәм оның шеңберинде мақсетли көрсеткишлер тастыйықланды.
2025-жылғы Бағдарламаның орынланыўы шеңберинде 5,2 миллион халықты жумыс пенен бәнт етиў ҳәм дәраматлы мийнет пенен тәмийинлеў мақсетинде айырым шөлкемлер жуўапкер етип белгиленди.
2025-2026-жыллары Наманган, Ташкент, Хорезм ҳәм басқа ўәлаятларда қусшылық тараўында кооперация системасында заманагөй сойыў кәрханалары (саллақханалар) ҳәм музлатқышлы қоймаханалар, өнимлер ҳәм шығындыларды қайта ислеў, нәсилли шөжелер жетистириў ҳәм қус өнимлерин ислеп шығарыў қуўатлықларын өз ишине алған таяр бизнес жойбарлары әмелге асырылады.
2025-жылы кәмбағал шаңарақ перзентлерин тартқан ҳалда:
– 20 мың гектар тоғай фонды жерлеринде санаатқа қолайлы, саяманлы ҳәм мийўели терек түрлеринен ибарат тоғайлар жаратыў, нәлханалар шөлкемлестириў ҳәм дәрилик өсимликлер жетистириў жойбарлары әмелге асырылады;
– жәми 100 гектар жер участкаларында бруссонетия терегин жетистириў бойынша пилот жойбарлары әмелге асырылады.
2025-жыл 1-июльден «Экобелсенди пуқара» платформасына өзи еккен тереги ҳаққында мағлыўматлар киргизген кәмбағал шаңарақлардың ағзаларына тоғай фонды жерлеринде егилген ҳәр 100 терек ушын БЕМниң 1 есеси муғдарында субсидия ажыратылады.
ӨзА