Жас ойлап табыўшыларға «иномарка» саўға етилди

336

Мийнеттиң жемиси….

Бирлескен Араб Әмирликлери пайтахты Абу-Даби қаласында «Zayed Sustainability Prize» таңлаўында өзиниң жаңалықлары менен жеңимпаз болған Ташкент қаласындағы Президент мектебиниң оқыўшылары Паҳлавон Ғуломов, Асылбек Ашрапов ҳәм олардың жетискенликлерине себепши – устазы Соҳибжон Азизов мәмлекетимиз басшысының итибарына сазаўар болды. Олар мәмлекетимиз жасларын турақлы қоллап-қуўатлаў, қәбилетлерди мүнәсип хошаметлеп барыў илажлары шеңберинде автомобиль менен сыйлықланды.

Сыйлықлаў мәресиминде оқыўшылар, олардың ата-аналары, устазларына миннетдаршылық билдирилди.

Еслетип өтемиз, таңлаўдың «Global High schools» (Глобал мектеплер) бағдарында қатнасқан өзбекстанлы еки жас қәбилет ийеси жаўынның суўын қайта ислеп, пайдаланыўға жарамлы ҳалға келтириў жойбары менен жеңимпаз болды.









Оларға сыйлықты БАӘ Президенти Шайх Муҳаммад бин Зоид Ол Наҳаян тапсырды.

Сондай-ақ, салтанатлы мәресимге Өзбекстан жетекшиси Шавкат Мирзиёев та қатнасты ҳәм халықаралық илажда жеңимпаз болған жигитлеримизди қызғын қутлықлады.

Абырайлы таңлаў арқалы ўәкиллеримиз тәрепинен бүгинги күнде пүткил дүнья бойлап оғада әҳмийетли саналған бир машқалаға шешим усынылған. Яғный, суў там-тарыслығы бар аймақлардағы пайдаланылмай атырған жерлерде жаўын суўын топлаў ушын цистерна жайластырыў және жыйналған жуўды тазалайтуғын үскенелер жәрдеминде қайта ислеп, ишиў ҳәм күнделик пайдаланыў ушын жарамлы ҳалға келтириў нәзерде тутылған.

Жойбарды қаржыландырыў ҳәм идеяны әмелге асырыў мақсетинде 150 000 доллар инвестиция киргизиледи.

Сыйлықлаў мәресимине Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм Президент жәрдемшиси Саида Мирзиёева қатнасты.

Мусулман Зиё,

Рустам Назарматов,

ӨзА