Баҳодир Жалоловтың қарсыласы ким болады?

204

Еки мәрте Олимпиада чемпионы Баҳодир Жалолов 6-февраль күни Канаданың Монреаль қаласында өзиниң профессионал бокстағы гезектеги ушырасыўын өткереди.

Сол күни  оған франциялы Дэвид Спильмонт қарсылас болады. Жалолов бул беллесиўге еки ҳәптеден сәл көбирек ўақыт қалғанында АҚШқа жетип барды.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, Баҳодир Жалолов проф боксте бүгинги күнге шекем 14 беллесиўге қатнасып, олардың барлығында өз қарсыласларын жеңип шығыўға миясар болды. Атап айтқанда, ол ең соңғы беллесиўин 2023-жылдың 17-ноябрь күни Ташкентте Қубла Африка Республикасы Крис Томпсонға қарсы өткерип, оны дәслепки раунд-ақ нокаутқа ушыратқан еди.

Ал, оның болажақ қарсыласы Дэвид Спильмонт болса, усы күнге шекем 25 беллесиўге шығып, соның 16 сында жеңиске ерискен ҳәм  8 беллесиўде жеңилиске ушыраған. Бир беллесиў теңбе-тең есапта жуўмақланған.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы