Әскерлер жеңиллетилген усыныснама алыў ушын сынақтан өтпекте

189

Нөкис гарнизонында Қорғаныў министрлиги бөлимлеринде мүддетли әскерий хызметти өтеп атырған әскерий хызметкерлер Өзбекстан Республикасының жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириўге жәрдем беретуғын әскерий бөлим сәркардалығының жеңиллетилген усыныснамаларын алыў ушын тест сынақларын тапсырыўды баслады.

Қорғаныў, Ишки ислер, Айрықша жағдайлар министрликлери ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети менен Миллий гвардияның 2019-жыл 30-декабрьдеги “Мүддетли әскерий хызметти өтеп атырған әскерий хызметкерлерге Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў ушын усыныснамалар бериў тәртиби бойынша режени тастыйықлаў ҳаққында”ғы қоспа қарары менен Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери қатарында мүддетли әскерий хызметти тамамлаған, жаўынгерлик ҳәм руўхый-ағартыўшылық таярлық бойынша жоқары нәтийжелерге ерискен, зәрүр билим дәрежесине ийе, үлгили ҳәм ең мүнәсип әскерий хызметкерлерге әскерий бөлим сәркардалығының жеңиллетилген усыныснамасы берилиўи белгиленген.

Усы қоспа қарарға муўапық, өзиниң әскерий миннетли ўазыйпаларын шын кеўилден атқарған ҳәм әскерий бөлим командириниң жеңиллетилген усыныснамасын алған жигитлер республиканың жоқары әскерий билимлендириў мәкемелериндеги тийисли тәлим бағдарларына оқыўға кириўде тест сынақларының нәтийжелерине бола топлаған балларының 50 проценти муғдарында қосымша балл түриндеги жеңиллик алады.

– Сондай-ақ, жоқары билимлендириў мәкемелери (жоқары әскерий билимлендириў мәкемелери буннан тысқары) бакалавриатына оқыўға кириў ушын жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыл параметрлеринен тысқары ажыратылатуғын өз алдына қабыллаў көрсеткишлери шеңберинде таңлаўда қатнасыў ҳуқықына ийе болады,-дейди Арқа-Батыс әскерий округи тәрбия ҳәм идеологиялық жумыслар басқармасы баслығының орынбасары, подполковник Ф.Муҳиддинов.

Нөкис гарнизонындағы әскерий бөлимлердиң биринде өткерилип атырған сынақлар ең сайланды әскерлерди анықлаў ҳәм оларға қосымша жеңиллик түринде усыныснамаларды бериў ушын таңлап алыўдың жуўмағы есапланады. Себеби, әскерий хызметин өтеў даўамында ҳәр бир әскердиң жаўынгерлик ҳәм руўхый-ағартыўшылық таярлықтан алған баҳалары, хызметте ерискен жетискенликлери,  минез-қулқы ҳәм миннетли ўазыйпаларын ҳүждан менен атқарып атырғанлығы қадағалап барылады.

Округ әскерлери сәркардалығы тәрепинен усы тест сынақларында әдиллик принциплерине тийкарланған ҳалда ашық-айдынлықты тәмийинлеў мақсетинде таярланған аудиториялардың барлығында бақлаў камералары орнатылған болып, олар арқалы реал ўақыт бойынша көрсетилип атырған видеокөринислердиң барлығы системаға жазып сақланады.

Тест сынақларында 100 сораў бар. Соннан 40 сораў жаўынгерлик таярлық, 20 сораў руўхый-ағартыўшылық таярлық, 10 сораў математика, 10 сораў физика ҳәм 20 сораў логикалық сораўлардан ибарат. Дурыс жуўаплар ушын жаўынгерлик таярлық бойынша 1,2 балл, руўхый-ағартыўшылық таярлық ушын 1,1 балл ҳәм қалған бағдарлар бойынша 1 баллдан балл берилип баҳалап барылады. Тест сынақларын тапсырып атырған әскер барлық сораўларға дурыс жуўап бере алса, 110 балл топлаў мүмкиншилигине ийе. Тест сынақларын өткериў ушын улыўма 3 саат ўақыт ажыратылған.

Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги жанындағы Билим ҳәм илмий тәжирийбелерди баҳалаў агентлиги тәрепинен алынған тест сынақлары даўамында қағыйда ҳәм нызам бузылыў жағдайлары анықланбады. Әскерий хызметкерлердиң санын инабатқа алған ҳалда тест сынақлары бир неше күн даўамында алып барылады.

Қураллы Күшлер қатарында мүддетли әскерий хызметти тамамлаған пуқараларға әскерий бөлимлер сәркардалығы тәрепинен жоқары билимлендириў мәкемелерине кириўи ушын берилген усыныснамалар, олар берилген сәнеден баслап үш жыл даўамында әмел етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги