Жумысшы топар ағзалары Кегейлиде

197

Халықтың машқалаларын үйрениў ҳәм шешиў, жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў, таңлап алынған мәҳәллелерде “Абат шаңарақ-абат көше-абат мәҳәлле” нормаларын енгизиў, кәмбағаллықтан абадан турмысқа қарай бағдарламасы тийкарында әмелге асырылып атырған жумысларды үйрениў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы тәрепинен дүзилген арнаўлы жумысшы топар ўәкиллери И.Ширинов ҳәм Г.Кулдошевлар Кегейли районында болып, сектор басшылары, ҳәким орынбасарлары ҳәм тийисли тараў басшылары менен ушырасып, сәўбетлесиўлер алып барды.

Сәўбетлесиў даўамында, районда халықтың мүрәжатлери менен ислесиў, олардың унамлы шешимине ерисиў бойынша әмелге асырылған жумыслардың нәтийжеси көрип шығылды. Сондай-ақ, районда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша белгилеп алынған арнаўлы бағдарламалардың әмелге асырылыўы, секторлардың жумыслары, жаслар менен ислесиў бағдарындағы илажлар бойынша жуўапкерлерден мағлыўматлар алынды.

Үйрениўлер даўамында жумысшы топар ағзалары Жүзимбағ аўыл пуқаралар жыйыны аймағында әндижанлы исбилермен тәрепинен бой тиклеп атырған қусшылық фабрикасының қурылысы менен танысты.

Бул жерде исбилермен менен сәўбетлесип, жумыс бабында ушырасып атырған машқалаларын тыңлады.

Бундай үйрениў жумыслары республикамыздың басқа аймақларында да даўам етпекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы