Абдуқодир Ҳусанов «Манчестер Сити» менен шәртнамаға қол қойды

254

Футбол бойынша Өзбекстан сайланды командасының ағзасы  Абдуқодир Ҳусанов Англияниң «Манчестер Сити» клубы менен шәртнамаға қол қойды. Бул ҳаққында «Мета-ратингс.кз» сайты хабар берди.

Сайттың мәлим етиўинше, шәртнаманы тастыйықлаў мәресимине «Манчестер Сити» клубының бас тренери Хосеп Гвардиоланың жеке өзи қатнасқан.

16-январь күни Манчестер қаласына жетип барған Ҳусанов ол жерде медициналық тексериўден өткен ҳәм Англия чемпионы менен 4,5 жыллық шәртнамаға қол қойған.

«Манчестер Сити» клубында Абдуқодир өзине 45-номерди таңлаған ҳәм Англия Премьер лигасында ойнайтуғын биринши өзбек футболшысына айланады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы