«Instagram»да 3 минутлық «reels»леер пайда болады

236

«Instagram» басшысы Адам Моссери 2025-жыл 18-январьдан қандай өзгерислер жүз беретуғыны ҳаққында мәлим етти.

Пайдаланыўшылар 90 секундты жүдә қысқа деп есаплай баслады. Сол себепли ендигиден былай «reels» лер ушын максимал шегара болған 90 секунд еки есеге арттырылады. Лимит 2022-жылдан берли өзгермей киятырғанлығын атап өтиўимиз керек.

Бул «Instagram»ушын үлкен бурылыс болыўы мүмкин, себеби, ол усы ўақытқа шекем өз аудиториясын узын видеоларды көп тамаша етпейди деп есаплап, өзиниң «қысқа усылы»н сақлап келген.

Қызығы сонда, бул өзгерис «TikTok»тың АҚШта шеклениўи фонында жүз берген. Бул форматтағы видеолар «TikTok»та 2021-жылда пайда болған ҳәм жақсы нәтийже берип киятырған еди.

Қытай социаллық тармағы бир мүддет мәмлекет аймағында ислемей қалып, қосымша дүканларынан да жоқ болып кеткени рас. Бирақ Доналд Трамптың араласыўы менен хызмет қайта тикленген, ҳәттеки, платформа менен биргеликте биргеликтеги жойбарлаў да режелестирмекте- деп мәлимлеме береди, xs.uz сайты.

 

                                                                         Қарақалпақстан хабар агентлиги