Трамп бүгиннен АҚШ тарийхындағы ең үлкен депортация бағдарламасын иске түсиреди

АҚШ тың 47-президенти Дональд Трамп бүгиннен өз лаўазымына киристи. Ақ үйге қайтқан дәслепки күнинен-ақ Трамп Байденниң көплеген пәрманларын бийкарлаўы ҳәм жүзге шамалас қарарға қол қойыўы күтилмекте. Бул ҳаққында «ABC News» басылымы мәлимлеме берген.
Хабарларға қарағанда, Трамп АҚШта нызамсыз жасап атырған миллионлаған мигрантларды жыйнаў ҳәм депортация етиўге қарар еткен.
Сондай-ақ, Трамп президентликке келген биринши күнде-ақ, қубла шегараны толық жабыўға ўәде берген. Бул ҳәрекетлерди әмелге асырыў ушын мәмлекетте миллий айрықша жағдай жәрияланып, АҚШ армиясынан жәрдем сорайтуғынын мәлим еткен.
Дональд Трамптың сиясат бойынша орынбасары Стивен Миллер де бул режелерди тастыйықлаған.
Мәлим болыўынша, АҚШта нызамлы иммиграция статусындағы 11 миллионға шамалас руқсатнамасыз мигрантлар жасайды. Америка Иммиграция Кеңесиниң есап-санақларына қарағанда, оларды алып таслаў жылына миллиардлап долларға түсиўи мүмкин.
Еслетип өтемиз, Дональд Трамп 120 жыл ишинде бурынғы ўәкиллик мүддети таўсылғанынан төрт жыл өтип және өз лаўазымына кирискен биринши мәмлекет басшысы саналады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги