Ҳәкимлердиң мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бойынша орынбасарлары лаўазымы сапластырылды

Ҳәкимлердиң мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бойынша орынбасарлары лаўазымы сапластырылды.
Быйыл 11-январьдағы ПП-1-санлы президент пәрманы менен Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң бойсыныўы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигинен Министрлер Кабинетине өткерилгенлиги мүнәсибети менен айырым нызамшылық ҳүжжетлерине өзгерислер киргизилди.
Соның ишинде, Президенттиң 2020-жыл 18-февральдағы ПП-5938-санлы пәрманы 8-бәнти өз күшин жойытқан деп табылмақта.
Оған бола:
– Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси структурасына – министр менен келисилген ҳалда нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымнан босатылатуғын Министрлер Кеңеси Баслығы орынбасары – мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри лаўазымы;
– ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық ҳәкимликлери структураларына – министр менен келисилген ҳалда нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымнан босатылатуғын ҳәким орынбасарлары – мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў басқармалары баслықлары лаўазымы;
– район (қала) ҳәкимликлер структураларына – министр менен келисилген ҳалда нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымнан босатылатуғын ҳәким орынбасары – мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы лаўазымлары сапластырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги