Пайтахтымызға жаңа автобуслар алып келинди

206

Елимизде барлық тараўлар қатарында транспорт тараўында да көплеген жаңаланыўлар менен өзгерислер әмелге асырылып, халқымызға хызмет көрсетиў сапасын жақсылаў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Бул жумыслардың даўамы сыпатында Нөкис қаласына «Сапсан Транс Нукус» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен дерлик 11 млрд. сумлық қаржы есабынан лизинг тийкарында 12 дана «YUTONG» маркалы заманагөй автобуслар Қытай мәмлекетинен алып келингенин айтып өтиўимизге болады.

Жаңа транспортлардың пайтахтымызға келиўи мүнәсибети менен транспорт министрлигинде салтанатлы илаж өткерилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы И.Сдиков, Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Ш.Даулетяров, Транспорт министри П.Каипбековлар соңғы жыллары Президентимиздиң басшылығында халық хожалығының барлық тараўларында болғаны сыяқлы, транспорт тараўында жүз берип атырған жаңаланыў ҳәм өзгерислерди айрықша тилге алып, республикамызға алып келинген жаңа автобусларлар халқымыздың абадан турмыста жасаўына хызмет ететуғынлығын атап өтти.

-Атап айтатуғын болсақ, ҳүрметли Президентимиздиң жәмийетлик транспорт хызметин раўажландырыў бағдарындағы қарарлары менен «Брутто-шәртнамасы, яғный, «басып өтилген жол» ҳәм «сапа» өлшеми тийкарында жолаўшы тасыў хызметин шөлкемлестириў белгиленген,-дейди Қарақалпақстан Республикасы транспорт министрлигиниң мәлимлеме хызмети баслығы Заҳийда Қалжанова.-Усы тийкарда, Нөкис қаласында жәми 15 автобус жөнелислери шөлкемлестирилип, бул жөнелислерге 188 автобус алып келиў режелестирилген. Бүгинги пайдаланыўға тапсырылған жаңа автобуслар усы бағдардағы жаңа жөнелислердиң дәслепкиси есапланады.

Илажда қатнасыўшылар автобусларда жолаўшылар ҳәм автотранспорт басқарыўшысы ушын жаратылған қолайлықлар менен жақыннан танысып, бул бойынша өзлериниң унамлы пикирлерин билдирди.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, ҳәзирги ўақытлары бул автобуслардың жөнелисте жүретуғын жоллары белгиленип, олардың ҳүжжетлестириў ислери алып барылмақта.

Улыўма 60 жолаўшы сыйымлылығына ийе болған бул автобуслар «Катекс базары»нан арқа автовокзал аралығына шекемги аралықта қатнаўы режелестирмекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы