Аспа дар жолында авария жүз берди

338

Испаниядағы Астун таў-шаңғы курортында телеферик – аспа дар жолында авария жүз берди, кеминде 30 адам жәбирленди, деп жазбақта «The Associated Press».

Қурылма сымларынан бири үзилип бир неше кабинаның қулаўы ақыбетинде жәбирленгенлердиң тоғызы аўыр аҳўалда, комплекс ўақытша жабылған, делинеди хабарда.

Мәлим болыўынша, Патшалық Бас министри Педро Санчес социаллық тармақ арқалы жәбирленгенлерге кеўил билдирип, оларға ҳүкимет тәрепинен барлық зәрүр жәрдемлер берилетуғынын айтады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги