Мүрәжатлар бойынша тийисли уйғарыўлар шығарылды

208

Суд уйымларының жуўапкерлери тәрепинен орынларда пуқаралардың салық, кадастр ҳүжжетлери, жәриймалар ҳәм басқа да усы бағдардағы мәселелер бойынша мүрәжатлерин тыңлаў, шешим табыў мақсетинде көшпели қабыллаўлары даўам етпекте.

Гезектеги усындай көшпели қабыллаў Жынаят ислери бойынша Тақыятас районы судының тергеў судьясы А.Давлетов тәрепинен райондағы Дослық мәкан пуқаралар жыйынында өткерилди.

Онда физикалық ҳәм юридикалық тәреплер жағынан салық есабатларын өз ўақтында салық уйымларына тапсырмағанлығы, нызамсыз қурылыс қурғанлығы ҳәм жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметкерлери тәрепинен анықланған нызамбузыўшылық жағдайлары бойынша келтирилген шағым арзалары көрип шығылды.

Қабыллаўда жәми 9 мүрәжат билдирилип, соннан бесеўи салық, екеўи кадастр ҳәм және екеўи транспорт қуралларын басқарыўдағы мәселелерден ибарат болды. Барлық мүрәжат ийелериниң мәселелери сол жерде ҳәр тәреплеме үйренилип, тийисли уйғарыўлар шығарылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги