Айрықша  дәри-дәрмақларды клиникалық изертлеўлерсиз мәмлекетлик дизимнен  өткериў тәртиби белгиленди

166

«Айрықша дәри-дәрмақларды клиникалық изертлеўлерсиз мәмлекетлик дизимнен өткериў тәртиби ҳаққында»ғы реже Әдиллик министрлигинде мәмлекетлик дизимнен өткерилди, деп хабар береди xabar.uz.

Нызамға муўапық, дәри-дәрмақлардың клиникалық изертлеўлерсиз мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳаққындағы қарар «Фармацевтика өнимлери қәўипсизлиги орайы» мәмлекетлик мәкемениң Фармакология комитетиниң усынысына муўапық Денсаўлықты сақлаў  министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген турақлы жумыс алып баратуғын Экспертлер кеңеси тәрепинен қабыл етиледи.

Дәри-дәрмақларды клиникалық изертлеўлерсиз мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм дизимнен өткерилгенлиги гүўалығын бериў Ҳүкимет қарарында белгиленген тәртипке муўапық әмелге асырылады.

Төмендеги дәри-дәрмақлар клиникалық изертлеўлерсиз мәмлекетлик дизимнен өткериледи, соның ишинде:

– «Зәрүр өндирис әмелияты – ГМП» талапларына муўапық екенлиги бойынша үйрениўлер өткериў талап етилмейтуғын дәри-дәрмақлар дизимине киргизилген дәри-дәрмақлар;

– жергиликли ислеп шығарыўшылар тәрепинен дизимнен өткериў  ушын усыныс етилген қәўипсизлиги ҳәм нәтийжелилиги референс препараттан қалыспаўы клиникалық алды изертлеўлеринде дәлилленген женерикалық дәри-дәрмақлар ҳәм гален препаратлары;

– бир ислеп шығарыўшы тәрепинен түрли саўда атамалары астында ислеп шығылған, қурамы бирдей болған дәри-дәрмақлар.

Қарақалпақстан хабар агентлиги