21-Халықаралық Жаутиков Олимпиадасында оқыўшыларымыз 19 медальға сазаўар болды

299

13-17-январь күнлери Қазақстанның Астана қаласында математика, физика ҳәм информатика пәнлеринен 21-Халықаралық Жаутиков Олимпиадасы болып өтти.

Дүньяның 20 мәмлекетинен 700 ге шамалас оқыўшы қатнасқан бул олимпиадада Өзбекстан сайланды командасы үлкен табысларға еристи.

Өзбек жаслары 2 алтын, 5 гүмис, 12 бронза – жәми 19 медальды қолға киргизди.

Атап айтқанда, математика пәнинен «Artel Technical School» мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемесиниң 11-класс оқыўшысы Асадбек Бобоқулов  ҳәм Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы қәнигелестирилген мектептиң 10-класс оқыўшысы Элбек Заҳиджанов алтын медальға миясар болды.

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги мәлимлеме хызметиниң мағлыўматына қарағанда, Өзбекстан сайланды командасы өткен жылғы 20-Халықаралық Жаутиков Олимпиадасында жәми 14 медальға сазаўар болған еди.

Н.Усманова,

ӨзА