Шығыс баспасөзи: Өзбекстан ҳәм БАӘ арасындағы экономикалық бирге ислесиўдиң жаңа дәўири

147

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Шайх Муҳаммад бин Зоид Ол Наҳаянның мирәт етиўине бола усы мәмлекетке рәсмий сапарын Араб қолтығы мәмлекетлериниң басылымлары турақлы сәўлелендирди. Атап айтқанда, Саудия Арабстаны Патшалығының SPA мәлимлеме агентлиги, «Ан-Наҳор» басылымы, Египет Араб Республикасының «Пирамида дәрўазасы», «Египет бүгин» сайтлары, Бирлескен Араб Әмирликлериниң WАМ мәлимлеме агентлиги, «Ал-Иттиҳод», «Ал-Ватан», «Ал-Халиж», «Шаржа24» сыяқлы бир қатар басылымлар еки мәмлекет басшылары өз-ара дослық ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиўди, соның ишинде, сиясат, саўда-экономика, инвестиция, инновация, мәдений-гуманитарлық тараўларда раўажландырыўға байланыслы әҳмийетли мәселелерди додалағанына итибар қаратты.

Мақалаларда БАӘ ҳәм Өзбекстан жетекшилери өз-ара шерикликти  тереңлестириўге хызмет ететуғын мәселелерди додалағаны, сондай-ақ, улыўмалық мәплерге жуўап беретуғын бир қатар темалар бойынша пикир алысқаны, сөйлесиў ўақтында еки мәмлекеттиң турақлы экономикалық раўажланыўға ерисиў жолындағы көзқарасларына үнлес қайта тикленетуғын энергия, қоршаған орталықты қорғаў мәселелери, экономикалық, саўда ҳәм инвестициялық тараўларда бирге ислесиў көлемин кеңейтиўдиң перспективалы имканиятлары көрип шығылғаны атап өтилген.

Басылымлар мәмлекетимиз басшысының Абу-Дабиде Вице-президент Шайх Мансур Ол Наҳаян, Дубай қаласында Вице-президент, Бас министр Шайх Муҳаммед бин Рошид Ол Мактум менен нәтийжели сөйлесиў өткергенине де итибар берген.

Сиясий байланысларды және де беккемлеў мақсетинде сыртқы ислер министрликлери арасындағы сөйлесиўди және де раўажландырыў зәрүр екенлиги, экономикалық бирге ислесиўдиң жаңа модели, соның ишинде, жасалма интеллект, санластырыў, «жасыл» энергетика, қала қурылысы ҳәм инфраструктура, туризм, жеке меншик бизнес сыяқлы 6 тийкарғы бағдар белгилеп алынғаны, ҳәр бир тийкарғы тараў бойынша айрықша жумысшы топарлар шөлкемлестириўге келисилгени атап өтилген. Тәреплер 2025-2027-жылларды Өзбекстан ҳәм БАӘ арасындағы экономикалық бирге ислесиўдиң жаңа дәўири деп жәриялаў усынысын қоллап-қуўатлағаны атап өтилген.

Усы мәниде 2030-жылға шекем өз-ара саўда көлемин 10 есеге көбейтиў ҳәм инвестиция портфелин 50 миллиард долларға жеткериўге қаратылған илажларды әмелге асырыў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленгени дыққатқа ылайық.

Өзбекстан жетекшисиниң БАӘға рәсмий сапарының ўақыяларын сәўлелендириўде Араб Қолтығы мәмлекетлери журналистлери тәрепинен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Абу-Даби турақлы раўажланыў ҳәптелиги шеңберинде де бир қатар әҳмийетли ушырасыўлар өткергени, сөйлесиўлер даўамында  елимиз ушын әҳмийетли ҳүжжетлерге қол қойылғаны, мәдений-гуманитарлық алмасыў көлемин арттырыўға да айрықша итибар қаратылғаны атап өтилген.

Соңғы жыллары товар алмасыў ҳәм өз-ара инвестиция көлеми, биргеликтеги кәрханалар санының бир неше есеге артқаны, тиккелей ҳаўа қатнаўы көбейип, визасыз тәртип енгизилгени де нәзерден шетте қалмаған.

М.Пирматова, ӨзА