Өзбекстан 2025-жылы саяхат етиў ушын ең жақсы орынлар дизиминде

350

«BBC Travel» глобал медиа порталының мағлыўматларына бола, Өзбекстан 2025-жылы саяхат етиў ушын ең жақсы 25 бағдар дизимине кирди.

Мақалада атап өтилиўинше, туризм Өзбекстанның өзине тән дәстүрлери ҳәм мәдений мийрасын сақлаў стратегиясының әҳмийетли бөлегине айланып бармақта.

Мәмлекет инфраструктураны раўажландырмақта: жаңа мийманханалар, жоқары тезликтеги темир жол маршрутлары, ишки авиарейслер ҳәм жаңаланған мәдений дыққатқа ылайық орынлар саяхатшылар ушын бийтәкирар имканиятларды жаратпақта.

Булардың барлығы экономикалық өсиўди хошаметлеўге ҳәм Өзбекстан тарийхый ҳәм мәдений мийрасының шексиз байлығын көрип атырған туристлерди тартыўға жәрдем бермекте.

Атап өтилиўинше, 90 нан артық мәмлекет, соның ишинде, Уллы Британия, Канада ҳәм Австралия пуқаралары Өзбекстанға визасыз келиўи мүмкин екенлиги саяхатты сезилерли дәрежеде аңсатластырады ҳәм туристлер ушын жаңа имканиятлар есигин ашады.

Буннан тысқары, қоңсы мәмлекетлер менен шегараны кесип өтиў әдеўир аңсатласқаны атап өтилген.

«Өткен 2024-жылдың ноябрь айында Қазақстан ҳәм Өзбекстанды байланыстырыўшы «Жипек жолы темир жол саяхаты» атамасындағы биринши халықаралық темир жол жөнелиси иске қосылды. Бул қолайлы жөнелис Уллы Жипек жолы изинен барып, ҳәр еки мәмлекеттиң бийбаҳа тарийхый ҳәм мәдений дыққатқа ылайық орынларын арқайын үйрениў имканиятын береди. Бундай саяхат тек ғана әййемги саўда ҳәм турмыслық алмасыўлар орталығына сүңгиў емес, ал регионда мәдений байланысларды кеңейтиў ҳәм туризмди раўажландырыў ушын жаңа имканиятлар жаратады», деген жуўмаққа келеди «BBC Travel».

Дизимге АҚШ, Канада, Япония, Италия, Австралия, Марокаш, Англия ҳәм басқа мәмлекетлер де киргизилгенин атап өтиў керек.

М.Тошқораева, ӨзА