Атайы фотохабаршының пидәкерли ислери тилге алынды

216

Шымбай районы орайында жайласқан Балалар музыка ҳәм кѳркем ѳнер мектебинде Өзбекстан Журналистлер аўқамының ағзасы, «Шымбай ҳаўазы» газетасы фотохабаршысы Оразбай Пирленовтың 60 жасқа толыўына байланыслы юбилейине кешеси болып өтти.

Кешеге район басшылары, нураныйлар, жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда Шымбай районы ҳәкими А.Тажетдинов, Өзбекстан Журналистлер аўқамы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Д. Абибуллаев ҳәм басқалар юбилярды қутлы жасы менен қутлықлап, Оразбай Пирленовтың  жоқары адамгершиликли пазыйлетлери ҳәм өз кәсибине деген пидайылығын ҳүрмет пенен тилге алып, өзлериниң естелик саўғаларын тапсырды.

1965-жылы республикамызға белгили фотограф Қыдырбай Пирленовтың шаңарағында дүньяға келген Оразбай Пирленов кишкене гезлеринен баслап-ақ, әкесиниң қасында жүрип фотожурналистика ҳәм телеоператорлықтың әлўан түрли сырларын үйренип, районлық ҳәм республикалық газеталар, Қарақалпақстан телевидениесинде өзиниң дөретпелери менен кең жәмийетшилик нәзерине түсе баслады.

-1993-жылдың октябрь айында әкем қайтыс болғаннан соң, сол ўақыттағы телевидение басшылары Қарақалпақстан телерадиокомпаниясының Шымбай районы бойынша арнаўлы хабаршысы ҳәм телеоператоры сыпатында жумысқа алды ҳәм бул жумыста 2000-жылға шекем хызмет еттим,-дейди Оразбай аға.-Ал, 2000-2006-жыллары болса, Қарақалпақстан телерадиокомпаниясының Шымбай районы бойынша  телеоператоры болып иследим. Соның менен бирге, 1998-жылдан берли районлық “Шымбай ҳаўазы” жәмийетлик-сиясий  газетасының фотохабаршысы болып жумыс ислеп келмектемен.

Фотожурналистика өз үстинде излениў ҳәм мийнет етиўди талап етеди. Фотохабаршының түсирген ҳәр бир кадры артында инсан өмири ҳәм олардың турмысы сәўлеленип, буннан адамлар өзлерине тийисли жуўмақ шығарады. Өз кәсибиниң пидайысы Оразбай Пирленовтың ислеген мийнетлери инабатқа алынып, ол «Ѳзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 15 жыллығы»  ҳәм «Ѳзбекстан Конституциясының 30 жыллығы» көкирек белгилери  менен сыйлықланды. Өмирлик жолдасы Гүлистан Өтегенова менен үш перзентти тәрбиялап, камалға келтирмекте.

Кешеде пидайы фотожурналист Оразбай Пирленов илажды шөлкемлестиргени ушын район ҳәкимлиги ҳәм Өзбекстан Журналистлер аўқамы Қарақалпақстан бөлимине өзиниң миннетдаршылығын билдирди.


Илаж районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен кеўилли даўам етти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы