Нөкисте жаңа көпир пайдаланыўға тапсырылды

Соңғы жыллары Нөкис қаласында халық санының өсиўи менен пайтахтымыз аймағы кеңейип, турғынлардың транспорт ҳәм жолға деген талабы артып бармақта. Елимиз Президентиниң қоллап-қуўатлаўы менен республикамыздың барлық аймақларында болғаны сыяқлы, қаламыздағы көшелер де асфальтланып, елатлар жылдан-жылға абаданласпақта.
Бунда Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, аймақта исбилерменликти раўажландырыў бойынша шығарған пәрман ҳәм қарарлары менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенати Кенгашиниң «Басламалы бюджет процесслерин өткериў ҳәм қаржыландырыў тәртибин тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары әҳмийетли хызмет атқармақта.
Усы жоқарыдағы қарар менен өткен жылы пайтахтымыздағы Наўқан бағ елатының турғынлары Басламалы бюджет жойбары тийкарында темир жол үстинен өтетуғын жаңа автомобиль өткериў көпирин қурыў ушын 1 млрд. 146 миллион сум қаржы жеңип алып, Телеорай мәкан пуқаралар жыйынына өтиўши жаңа көпирдиң қурылысы басланған еди.
Қолы гүл қурылысшылардың ислеген пидәкерлик мийнетлериниң арқасында, бул көпирдиң қурылысы толық питкерилип, ол халық ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылды.
Көпирдиң тапсырылыў мәресимине Нөкис қаласы ҳәкими Абатбай Данияров, Өзбекстан Мәҳәллелер ассосациясы Қарақалпақстан Республикалық басқармасы баслығы Сағындық Турманов ҳәм басқалар қатнасып, аймақ халқын жаңа автомобиль көпириниң ашылыўы менен қутлықлады ҳәм жолға тартылған дәстүрий лентаны салтанатлы түрде кести.
Нөкис қаласындағы Наўқан бағ ҳәм Телеорай мәкан пуқаралар жыйынларын бир-бирине байланыстыратуғын, пуқаралардың аўырын жеңил, узағын жақын ететуғын жаңа автомобиль өткериў көпириниң пайдаланыўға тапсырылыўы аймақ турғынларын айрықша қуўанышқа бөледи.

– Телеорай, орайлық ҳәм қурылыс базарларына баратуғын болсақ, такси менен узақ жолларды айланып баратуғын едик,-дейди Наўқан бағ елаты турғыны Бағдагүл Қосбергенова.-Барлық қәўипсизлик ҳәм сапа стандартларына толық жуўап беретуғын бул жолдың пайдалыўға тапсырылыўы менен бизлерге уқсаған мыңлаған жолаўшылардың өз мәнзиллерине қәўипсиз ҳәм тез жетип барыў имканиятын пайда етти. Бул шараятларды жаратқаны ушын елимиз басшыларына ҳәм жыйын ақсақалларына өзимниң миннетдаршылығымды билдиремен.
Әлбетте, тапсырылып атырған бул жол аймақ халқына көплеген қолайлы шараятлар жаратыў менен бирге, елимиз экономикасының өсиўине өзиниң унамлы тәсирин көрсетеди, деп ойлаймыз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы