Өзбекстан ушын тийкарғы болған халықаралық рейтинглерде қандай нәтийжелер атап өтилди?

Сенат баслығы, Халықаралық рейтинг ҳәм индекслер менен ислесиў бойынша Республикалық кеңес баслығы Танзила Норбоеваның атап өтиўинше, 2024-жылы мәмлекетимиз ушын тийкарғы болған 9 халықаралық рейтингте Өзбекстанның орны жақсыланды.
Соның ишинде, Электрон ҳүкиметти раўажландырыў рейтингинде Өзбекстан 2024-жылы бурынғы есап бериў дәўирине қарағанда 6 басқышқа көтерилип, 193 мәмлекет арасында 63-орынды ийеледи.
Электрон ҳүкимет тараўында раўажланыў бойынша «жоқары» топардан «жүдә жоқары» топарға көтерилген 17 мәмлекет қатарынан орын алды.
Жәҳән банкиниң 2023-жыл ушын жәрияланған Статистика жумысы нәтийжелилиги индексинде республикамыз өз көрсеткишлерин 17 басқышқа жақсылап, 217 мәмлекет арасында 62-орынға көтерилди.
Улыўма алғанда, кейинги 7 жылда бул индексте Өзбекстан өз позициясын 89 басқышқа жақсылады.
Жәҳән банкиниң Ҳаял-қызлар, бизнес ҳәм нызам индексинде мәмлекетимиз 48 басқышқа жоқарылап, 190 мәмлекет арасында 91-орынды ийеледи.

Өзбекстан ҳаял-қызлар ҳуқықлары ҳәм гендер теңлик тараўында ең үлкен нәтийжелерге ерискен әҳмийетли реформаларды әмелге асырған 5 мәмлекеттен бири сыпатында атап өтилди.
Халықаралық рейтинг ҳәм индекслер менен ислесиў бойынша Республикалық кеңестиң гезектеги мәжилисинде усындай ерисилген жетискенликлер атап өтилиўи менен бир қатарда, бул бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин және де артттырыў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар қойылды.
Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң 2024-жыл 19-июньдағы «Халықаралық рейтинг ҳәм индекслер менен ислесиў системасын жетилистириў ҳәм усы тараўда парламент қадағалаўын күшейтиў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманының орынланыўын тәмийинлеўде парламент қадағалаўын күшейтиў зәрүр екенлиги айрықша атап өтилди.
Пәрман менен усы тараўда бир қатар жаңа механизмлер әмелиятқа енгизилгени, атап айтқанда, министрлик ҳәм уйымлар тийисли халықаралық рейтинг ҳәм индекслерге бириктирилгени, ҳәр жылы Өзбекстан Республикасының тийкарғы халықаралық рейтинг ҳәм индекслердеги орны жақсыланыўы ҳаққындағы миллий баянатты додалаў тәртиби енгизилгени әмелде әҳмийетли орын ийелеп атырғаны атап өтилди.

Унамлы нәтийжелер менен бирге айырым индекслердеги төменлеўлер додаланды ҳәм тийислилиги бойынша жуўапкер министрлик ҳәм уйымлар ўәкиллериниң пикирлери тыңланды.
Өз гезегинде, мәмлекет имиджине унамсыз тәсир етиўши жағдайларды жедел түрде сапластырыў, керекли илажларды көриў зәрүр екенлиги тапсырылды.
Мәжилисте Өзбекстан Республикасының тийкарғы халықаралық рейтинг ҳәм индекслердеги орны жақсыланыўы ҳаққындағы илимий баянат жойбары ҳаққында сөз болды.
Бул процесске илимий-изертлеў мәкемелери де бириктирилип, 2025-жыл ушын Өзбекстан Республикасының тийкарғы халықаралық рейтинг ҳәм индекслердеги орнын жақсылаўға қаратылған әмелий илажлар бағдарламаларының жойбарлары да көрип шығылды.
Мәжилис соңында Республикалық кеңестиң тийисли қарары қабыл етилди.
Н.Абдураимова, ӨзА