Өтинишлери толық қанаатландырылды

Суд уйымларының жуўапкерлери тәрепинен орынларда пуқаралардың салық, кадастр ҳүжжетлери, жәриймалар ҳәм басқа да усы бағдардағы мәселелер бойынша мүрәжатлерин тыңлаў, шешим табыў мақсетинде көшпели қабыллаўлар шөлкемлестирилмекте.
Жынаят ислери бойынша Беруний районлық судының тергеў судьясы И.Алланиязов тәрепинен райондағы Тоқымашы мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы пуқаралардың мүрәжатлерин үйрениў бойынша көшпели қабыллаў өткерилди.
Қабыллаў даўамында 18 пуқара тәрепинен юридикалық тәреплердиң салық есабатларын тапсырыў, сондай-ақ, кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириўге байланыслы мүрәжатлери көрип шығылды.

Аймақ турғынлары тәрепинен билдирилген ҳәр бир мүрәжат тийисли тәртипте үйренилип, тийислилиги бойынша ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди. Салық ҳәм кадастр уйымлары тәрепинен салынған жәриймалардың муғдарын азайтыў бойынша жазба түрде келтирилген мүрәжат ҳәм өтинишлер толық қанаатландырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги