Бир гектар жерден орташа 5 мың доллар дәрамат алыныўы керек

250

Мәмлекетлик бағдарлама жойбары – додалаўда

Бул ҳәзирги ўақытта додалаўға қойылған Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Өзбекстан –  2030” стратегиясын “Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм “жасыл” экономика жылы”нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама жойбарында белгиленген илажлардан бири.

Бүгин  бир гектар жерден буннан бир неше есе көп дәрамат алып атырған қыйтақ жер, фермер ҳәм исбилерменлер де бар. Бирақ олар жүдә аз. Мақсет әне усындай категориядағы дийқан ҳәм бағманларды, исбилерменлерди көбейтиў ҳәм халқымыздың өз мийнетинен мәпдарлығын арттырыў болып табылады.

Бизде көп жағдайларда әпиўайы халық ҳәм фермерлер де жерге егин егиў ямаса бағ жаратыўда дәстүрий усыллардан пайдаланыўға ямаса ҳәр жылы бирдей өним жетистириўге үйренген. Мәселен, картошка егетуғын дийқан ҳәр жылы сол жумыс пенен шуғылланады, чеснок ексе, көбирек пайда алыўды ойламайды. Ямаса үлкен қыйтақ жериниң бир шетинде ықшам ыссыхана қурып, жылына миллион сумлаған дәрамат ислеў мүмкин екенин есапламайды.

Фермерлеримиз де мәмлекетлик буйыртпадан тысқары, артықша жерде жаңа түрдеги овощ-палыз өнимлерин жетистириў, жаңа өнимдарлы туқымнан пайдаланыў мүмкин. Бирақ буған урынбайды.

Сонлықтан мәмлекетлик бағдарлама жойбарында жерден өнимли пайдаланып, көбирек дәрамат алыў ушын сапалы жоқары ҳәм сырт еллерден алып келинген туқымларды егиў, интенсив технологияларды қолланып, егинлерди тәрбиялаў, соның ишинде, суўды үнемлейтуғын технологияларды кеңнен енгизиўди буннан былай да кеңейтиў белгиленбекте.

Сондай-ақ, жойбарда мийўе-овощқа қәнигелескен 51 районда мийўе-овощларды музлатыўды жолға қойыў бойынша жаңа жойбарларды әмелге асырыў ҳәм жылдың жуўмағы менен улыўма қуўатлылығы 44 мың тонна болған жойбарларды турмысқа енгизиў ўазыйпасы қойылмақта. Бул да бийкарға емес, себеби бүгин дүньяда азық-аўқат қәўипсизлигин, халықты жыл даўамында сапалы мийўе-овощ өнимлери менен тәмийинлеў. базарда баҳаның турақлылығына ерисиў әҳмийетли мәселеге айланып бармақта. Қала берсе, бул арқалы фермер ҳәм исбилерменлердиң дәраматларын бир неше есеге арттырыў имканияты жаратылады.

Бул бағдарда соңғы жылларда елимизде алып барылып атырған жумыслардың нәтийжесинде қыста да базарларымыздан, халық дастурханынан мийўе-овощ үзилген емес. Ҳәттеки, цитрус мийўелерге шекем өзимизде жетилистирилмекте.

Улыўма, мәмлекетлик бағдарлама жойбарында усыныс етилип атырған аўыл хожалығы бойынша әҳмийетли мақсетлер, илажлардың әмелге асырылыўы базарларда молшылық, елимиз дастурханы мол болыўы ҳәм бул мийнет пенен шуғылланып атырған фермер ҳәм исбилерменлик субъектлери экономикалық турақлылығына, жаңа жумыс орынларын жаратыўға хызмет етеди.

Шавкат ШАРИПОВ,

Олий Мажлис Сенатының ағзасы.

ӨзА