Көбейип кетип атырған пластикалық шығындылар: олардың 9 проценти ғана қайта исленеди

503

Бүгинги күнделикли турмысымызда пластикалық ыдыслар ҳәм пакетлерден жүдә кең көлемде пайдаланамыз. Тийкарынан бир мәртелик болған бундай өнимлер пайдаланып болғанынан кейин, әлбетте, шығындыға таслап жибериледи. Бирақ, олардың шириўи қыйын, қайта ислениўи болса жүдә аз муғдарда.

Мағлыўматларға бола, дүнья бойынша жылына 400 миллион тонна пластикалық өнимлер ислеп шығарылады. Бул көрсеткиш 2050-жылға барып 2 есеге артыўы күтилмекте. БМШ мағлыўматларына бола, пластикалық шығындылардың 40 проценти бир мәрте пайдаланылатуғын пластикалық өнимлер болып есапланады. Дүнья көлеминде пластикалық өнимлердиң тек ғана 9 проценти қайта пайдаланады.

Өзбекстанда болса шығындылардың морфологиялық қурамы бойынша 15 проценти пластикалық шығынды (1,5 миллион тонна) болып есапланады. Соннан 100 мың тоннасы, яғный 6,6 проценти қайта исленбекте.

Әдетте бир мәрте пайдаланатуғын полиэтилен пакетлердиң шириў мүддети 20 жылдан 500 жылға шекем болып есапланады. Енди көз алдымызға келтирейик, бир күнде ҳәр бир шаңараққа қанша әне, сондай, пакетлер алып кириледи!!

2025-жылғы мәмлекетлик бағдарлама жойбарында Өзбекстанда пластикалық пакетлерден пайдаланыўды шеклеў бойынша миллий бағдарлама жойбарын ислеп шығыў усыныс етилмекте. Оған бола, 2027-жылдан баслап пластикалық пакетлерди ислеп шығыў, алып кириў ҳәм олардан пайдаланыўды қадаған етиў ҳәм экологиялық жақтан зыянсыз, биобөлеклениўши пакетлерден пайдаланыўды хошаметлеў нәзерде тутылмақта.

Буннан тысқары, пластикалық қадақлар ислеп шығарыўшыларға сол өнимлерди утилизациялаў миннетлемелери жүкленбекте. Бул көплеген мәмлекетлерде қолланып келинетуғын әмелият болып есапланады.

Сондай-ақ, бағдарлама жойбарында шығындыларды пайда етиў нормасы, морфологиялық қурамы ҳәм углерод изин үйрениў бойынша илимий-изертлеў жумысларын алып барыў ҳәм оның ушын 2 миллиард сум қаржы ажыратыў мәселеси нәзерде тутылған.

Ҳақыйқатында да, ҳәзирги күнде шығынды машқаласы да глобал түрге енип атырған екен, шығындыларды сайлап алыў, қайта ислеў, олардың пайда болыўын азайтыў мәселелерине айрықша итибар қаратыў зәрүрлиги пайда болмақта. Солай екен, бағдарламалық ҳүжжет жойбарында нәзерде тутылып атырған бундай мақсет-ўазыйпалар экология ҳәм қоршаған орталықты қәстерлеп сақлаўда үлкен әҳмийетке ийе.

Муҳтарама Комилова,

ӨзА