Машқалалар үйренилип,  унамлы шешилмекте

243

Төрткүл районындағы “Чибукли” сайлаў округинен сайланған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Завра Абдуллаева Окбошли аўыл пуқаралар жыйыны турғынлары менен ушырасқанда үйлерде газ басымының төменлеп кеткенлиги туўралы мүрәжат билдирилди.

Бул машқала бойынша районлық газ тәмийнаты кәрханасының баслығы Б.Мадаминов  менен сөйлесилди ҳәм оны сапластырыў бойынша тапсырма берилди. Аймақ турғынларын тәбийғый газ бенен тәмийинлеп турған D-219 mm газ трубаларда оңлаў жумыслары баслап жиберилди. Кәрхана жумысшылары тәрепинен оңлаў жумыслары сапалы питкерилип, газ тәмийнаты жақсыланды.

Бундай мүрәжатлер сайлаўшылар тәрепинен жийи келип турады. Аймақ турғынлары исеним билдирип сайлаған депутат бул жуўапкершиликтен тийисли жуўмақ шығарған ҳалда келип түскен мүрәжатлерде  билдирилген машқалаларды ўақтында шешиўге ҳәрекет етпекте. Окбошли аўыл пуқаралар жыйыны турғынларынан мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин ашыўда әмелий жәрдем сорап мүрәжат келип түсти.

Мәлим болғанындай, аўыл пуқаралар жыйыны  аймағында  3-7 жас аралығындағы 572 бала болып, бүгинги күни 2 мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде 75 бала, мәжбүрий бийпул бир жыллық мектепке таярлайтуғын 4, қысқа мүддетли топарларға  160, жәми  235 бала қамтып алынған. Соннан мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алынбаған   бала 337 ни курайды. Усыларды есапқа алған ҳалда аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 150 орынға мөлшерленген жаңадан мектепке шекемги билимлендириў мәкемесин қурыў бойынша районлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлиминиң баслығына депутатлық сораўнама жиберилди.

Буннан тысқары аймақ турғынларын суў менен тәмийинлеп турған Бозжап каналын тазалаў, 24-санлы улыўма билим бериў мектеби жанында суў трубасының жарылғаны туўралы мүрәжатлер келип түсти. Бул мүрәжатлер бойынша тийисли шөмлемлердиң басшылары менен сөйлесилди. Бүгинги күни суў тәмийнатындағы машқала шешимин таўып, Бозжап каналында қазыў жумыслары даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги