Өзбекстан – Оман: турақлы бирге ислесиўге қарай әҳмийетли қәдем
349

Мәмлекетимиздиң Омандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Абдусалом Ҳотамов Султанлықтың вақф ҳәм диний ислер бойынша министри Муҳаммад бин Саид Ал-Меъморий менен ушырасты. Сөйлесиў даўамында еки мәмлекет диний уйымларының бирге ислесиўин беккемлеў, усы бағдарда жаңа жойбарларды әмелге асырыў имканияты додаланды.
Сондай-ақ, диний билимлендириў ҳәм ҳуқықый мәселелерде өз-ара тәжирийбе алмасыў бойынша пикир алысты.
Ушырасыў еки мәмлекет арасындағы диний байланысларды беккемлеў, турақлы бирге ислесиўди жолға қойыўға қаратылған әҳмийетли қәдем болды.
ӨзА