Социаллық карта тәжирийбе-сынақ басқышында Ташкент ҳәм Ташкент ўәлаятының Янгийўл районында енгизилди

193

Онда социаллық карта 2024-жылдың декабрь айынан баслап жаңадан тайынланған 9 түрдеги социаллық төлемлер алатуғын адамларға берилмекте.

Олар – 1) кем тәмийинленген шаңарақларға балалар напақасы, 2) кем тәмийинленген шаңарақларға материаллық жәрдем, 3) жасқа байланыслы напақа, 4) майыплық напақасы, 5) жалғыз баслы кекселер ҳәм майыплығы болған адамлар ушын ҳәр айлық материаллық жәрдем, 6) майыплығы болған 18 жасқа шекемги балаларға майыплық напақасы, 7) майыплығы болған балаларды бағып атырған аналар ушын напақа, 8) протез-ортопедия буйымлары ҳәм реабилитациялаўдың техникалық қуралларын сатып алыў ушын ваучер, 9) бағыўшысын жойытқаны ушын напақасы.

Бул адамларға социаллық карталар бийпул бериледи ҳәм дәслеп төлем қуралы (банк картасы) функциясын атқарады.

2025-жыл 1-апрельден баслап усы аймақлар бойынша және қосымша 2 түрдеги социаллық төлемлер, жаңа ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасы және «Сақаўат ҳәм жәрдем», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери» қорларының есабынан топланатуғын бир мәртелик материаллық жәрдемлер социаллық карта арқалы төлеп бериледи.

Социаллық карта 2025-жыл 1-июльден баслап басқышпа-басқыш республиканың барлық аймақларына енгизиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги