Египет елшиси менен перспективалы режелер додаланды

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы баслығы Даврон Ваҳобов ҳәм Египет Араб Республикасының мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Тамер Фатҳи Абдуссалом Ҳаммад арасында ушырасыў болып өтти.
Сөйлесиўлер даўамында саўда, экономика, қаржы, санаат тараўларындағы бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған әҳмийетли мәселелер додаланды.
Соның ишинде, тәреплер зергерлик, тоқымашылық ҳәм пал ислеп шығарыў бойынша жаңа жойбарларды әмелге асырыў перспективасы бойынша пикир алысты.
Ҳәзирги күнде елимизде Египет капиталының қатнасыўында 15 кәрхана жумыс ислемекте.
Февраль айының екинши ярымында усы араб мәмлекети исбилермен топар ўәкиллеринен ибарат делегацияның орайымызға сапары шеңберинде Өзбекстан –Египет бизнес форумы ҳәм В2В усылында сөйлесиў өткериў бойынша тийисли илажлар белгиленди. Усы әнжуманда сырт ел тәрепинен саўда, химия, дөретиўшилик, қурылыс материаллары, аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў, фармацевтика, консалтинг, металлургия, логистика, электротехника ҳәм тери өнимлери бағдарларына қәнигелескен жетекши кәрханалардың ўәкиллери қатнасыўы нәзерде тутылған.
ӨзА