Жәрдемши хожалықлар көбейтилмекте

Бүгинги күнде барлық атызлардың шетлеринде, каналлар, суўғарыў ҳәм коллектор-дренаж тармақларыныӊ әтирапларындағы майданларда, қыйтақ жерлерде, хожалықлар ҳәм көп қабатлы турақ жайлар әтирапы ҳәм мәҳәллелердеги ишки көшелерде аўыл хожалығы өнимлери жетистирилиўин шөлкемлестириў ҳәм басқа да дәрамат дәрегин жаратыў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта.
Суў хожалығы системасында да жәрдемши хожалықларды шөлкемлестириў бойынша белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўы республикамыздағы барлық суў хожалығы мәкемелеринде қадағалаўға алынған.
Қараөзек районындағы “Қуўаныш жарма ирригация системасы” басқармасының басқарыў имаратының әтирапындағы бос турған жерлерде де қус ҳәм қоян бағыў ушын шараятлар жаратылды.
– Соның менен бирге, бул жерде 20 бас қой-ешки де бағылмақта. Ҳәзирги ўақытта 27 таўық ҳәм 40 қоян бағылып атыр. Оларды көбейтиў бойынша жумысшы-хызметкерлеримиз бенен ўазыйпаларды келисип алдық,-дейди басқарма баслығы Х.Реймов.

Усы жылдың 16-январь күни “Қуўаныш жарма ирригация системасы” басқармасында жәрдемши хожалықларды басқарманың басқа аймақлық участкаларында да шөлкемлестириў мәселелери бойынша көргизбели илаж өткерилип, жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги