Берунийли жас исбилермен Қытай модели тийкарында қуяш панеллерин қурмақта

Бүгинги күнде дүньяның көплеген мәмлекетлеринде, тийкарынан елимизде де «Жасыл энергетика» ға үлкен әҳмийет қаратылмақта. Ҳүкиметимиз тәрепинен бизнес ийелери ҳәм пуқаралар ушын қуяш панеллеринен пайдаланыў бойынша бир қатар жеңилликлер усыныс етилмекте.
Берунийли Нодирбек Атабаев Қытай мәмлекетинде грант тийкарында билим алып, жас болыўына қарамастан ҳәзирги ўақытта өзиниң исбилерменлик жумысларын даўам еттирмекте. Мәмлекетимизде жасыл экономикаға өтиў бойынша алып барылып атырған реформалар тийкарында ол Қытай мәмлекетинен қуяш панеллерин алып келип, халқымыздың турақ жайларына орнатыў жумыслары менен шуғылланбақта.
Беруний районындағы “Grand Fortuna Logistik” ЖШЖ баслығы болып усындай ийгиликли жумысларды баслап атырған оның белсендилиги ҳәр бир жасқа үлги болса арзыйды.

-Инглис тилин жақсы билгенлигим ушын Қытай мәмлекетинде оқып жүрип ҳеш қандай қыйналмадым. Қытай тилин де тез арада үйренип алдым. Ол мәмлекеттиң экономикалық өсиўи мени қызықтырар еди. Оқыўды питкерип келип, исбилерменлик жумысларымды басладым. Президентимиздиң басламасы менен жасыл энергетиканы раўажландырыў бойынша алып барылып атырған жумысларға менде өз үлесимди қосыўға қарар еттим ҳәм ҳәзирги ўақытта Қытайдан алып келип, қуяш панеллерин қурып халқымызға хызмет етип атырмыз,-дейди жас исбилермен.
Қарақалпақстан хабар агентлиги