Үгит-нәсият илажы үш әўлад ушырасыўына айланды

197

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы хызметкерлери ҳәм онда бажыхана институтының әмелият өтеп атырған 4-курс курсантлары Нөкис қаласындағы 25-санлы улыўма билим бериў мектебинде болып, Бажыхана институтына оқыўға қабыллаў ушын болып атырған процесслер туўралы мағлыўмат берди.

Дәслеп, оқыўшыларға бажыхана тараўы, оның мақсет ҳәм миннетли ўазыйпалары ҳаққында түсиниклер берилди.

Соң, бажыхана системасына маман ҳәм билимли кадрларды жеткерип беретуғын Бажыхана институты ҳәм онда жаратылған шараятлар, қабыллаў процесслери, таңлаў шәртлери, талабанның жуўап бериўи шәрт болған физикалық параметрлери ҳаққында оқыўшыларға толық мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, бажыхана институтында оқыў мүддети 4 жыл. Бажыхана жумысы (математика, инглис тили) ҳәм бажыхана жумысын ҳуқықый жүргизиў (тарийх, инглис тили) тәлим бағдарларында оқыўға кириўди қәлеўши талабанлар усы жылдың 1-апрель сәнесине шекем өз ҳүжжетлерин тапсырыўы мүмкин. Психологиялық тест, физикалық таярлық ҳәм аўызша сәўбетлесиў шәртлеринен табыслы өткен талабанлар Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен абитуриентлерден алынатуғын тест сынақларына жоллама алады ҳәм тест нәтийжелери бойынша жоқары балл алғанлар оқыўға қабыл етиледи.

Илаж үш әўлад ўәкиллериниң ушырасыўы менен даўам етти. Олар өз-ара пикирлесип, тараўда жүз берип атырған реформаларды додалаў мүмкиншилигине ийе болды.

Ушырасыў даўамында мектеп оқыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Әлбетте, бундай ушырасыўлар өсип киятырған жасларды миллий ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, ҳуқық-қорғаў уйымларындағы хызметке қызықтырыў, соның менен бирге, Ўатанымыздың раўажланыўы жолында хызмет етиўши мәрт қорғаўшылар болыўына түртки береди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги