«Гендер теңлик белсендиси» миллий таңлаўының республикалық басқышы жеңимпазлары сыйлықланды

«Гендер теңлик белсендиси» миллий таңлаўының республикалық басқышы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Сенат Баслығы Танзила Норбоева ашып берген илажда «Гендер теңлик белсендиси» миллий таңлаўы ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин арттырыў, гендер теңлик ҳәм шаңарақ мәселелери бойынша Республикалық комиссияның басламасы менен ҳәр жылы дәстүрий түрде өткерилип киятырғаны атап өтилди.
Бул таңлаўды шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет, ҳәр бир шөлкемде гендер теңликти тәмийинлеўге қаратылған сиясатты қәлиплестириў, тараўда әмелге асырылып атырған алдынғы тәжирийбелерди анықлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў ҳәм ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўдан ибарат.
Атап өтилгениндей, Президенттиң басшылығында соңғы жыллары ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў ҳәм мәмлекетлик басқарыў ҳәм жәмийеттиң барлық тараўларында жеделлигин арттырыў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.
Олардың ҳуқықлары менен еркинликлерин толық тәмийинлеў мәселелери жаңа редакциядағы Конституцияда, «Өзбекстан – 2030» стратегиясы ҳәм Гендер теңликке ерисиў стратегиясы сыяқлы концептуал ҳүжжетлерде өзиниң толық көринисин тапқан.
Бул бағдарда алып барылып атырған системалы илажлар халықаралық жәмийетшилик тәрепинен де кеңнен тән алынбақта. Атап айтқанда, Жәҳән банки индексинде Өзбекстан гендер теңлик тараўында дүньядағы ең тез раўажланып атырған 5 мәмлекеттиң қатарында атап өтилди. Ашық гендер мағлыўматлар индексинде ең жақсы 20 мәмлекет қатарынан орын алды.
Гендер теңлик ҳәм басқарыў индексинде болса 103-орыннан 51 текшеге көтерилип, 52-орынды ийеледи.
«Гендер теңлик белсендиси» миллий таңлаўында қатнасыў ушын 934 шөлкем ҳәм мәкеме тәрепинен ҳүжжетлер усынылды. Олар таңлаў комиссиясы тәрепинен реже талаплары тийкарында баҳаланып, 10 номинация бойынша төмендегилер жеңимпаз деп табылды.
«Гендер теңликти тәмийинлеўде ең белсенди республика дәрежесиндеги мәмлекетлик уйым» – Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы.
«Гендер теңликти тәмийинлеўде ең белсенди аймақлық мәмлекетлик уйым» – Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги;
«Гендер теңликти тәмийинлеўде ең белсенди районлық мәмлекетлик уйым» – «Ammofos-Maxam» акционерлик жәмийети;
«Гендер теңликти тәмийинлеўде ең белсенди аймақлық ҳәкимлик» – Хорезм ўәлаяты ҳәкимлиги;
«Гендер теңликти тәмийинлеўде ең белсенди район ҳәкимлиги» – Шароф Рашидов районы ҳәкимлиги;
«Гендер теңликти тәмийинлеўде ең белсенди МКШ» – Өзбекстан Миллий медиа бирлеспеси ҳәм «Заковат» интеллектуаллық клубы» МКШ;
«Гендер теңликти тәмийинлеўде ең белсенди исбилерменлик субъекти» – «Акбаржон Баракат» жуўапкершилиги шекленген жәмийети;
«Гендер теңликти үгит-нәсиятлаўға қаратылған ең жақсы ТВ-бағдарлама» – «Адолат» миллий ҳуқықый мәлимлеме орайы «Юридикалық клиника» көрсетиўи;
«Гендер теңликти үгит-нәсиятлаўға қаратылған Интернеттеги ең жақсы веб-сайт ямаса портал» – «Oyina.uz» руўхый-ағартыўшылық порталы;
«Гендер теңликти үгит-нәсиятлаўға қаратылған ең жақсы басылым» – «Янги Сирдарё» газетасы.
Таңлаў жеңимпазлары естелик саўғалары ҳәм дипломлар менен сыйлықланды.
Н.Абдураимова, ӨзА