Мәмлекетлик бағдарлама бойынша усыныслар билдирилмекте

201

“Өзбекстан – 2030” стратегиясын “Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаны додалаўға арналған мәжилис өткерилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги, «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими,  “Қарақалпақ суў тәмийнаты” ЖШЖ хызметкерлери, партия белсендилери қатнасты.

Атап өтилгениндей, “Өзбекстан – 2030” стратегиясы мәмлекеттиң узақ мүддетли турақлы раўажланыўын тәмийинлеўге қаратылған бағдарлама ретинде әҳмийетке ийе. Стратегияның тийкарғы бағдарларынан бири қоршаған орталықты қорғаў ҳәм жасыл экономикаға өтиў болып, 2025-жыл – «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы», деп жәрияланды.

– Бул баслама, экологиялық машқалаларды шешиў, ресурслардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў ўазыйпаларын алға қоймақта. Жасыл экономикаға өтиў тек экологиялық турақлылықты тәмийинлемейди, ал экономиканың түрли тармақларын раўажландырыўға, жаңа жумыс орынларының жаратылыўына ҳәм мәмлекеттиң глобал бәсекиге шыдамлылығын арттырыўға да хызмет етеди,-дейди Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми Кеңесиниң баслығы А.Бегимова.

Қатнасыўшылар бағдарлама жойбары туўралы пикир-усынысларын билдирип, зәрүр усыныслар таярлаў бойынша келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги