Мәмлекетлик бағдарлама жойбарындағы социаллық басламалар

200

Ҳәзирги күнлерде «Өзбекстан-2030» стратегиясын 2025-жыл – Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы»нда әмелге асырыў бойынша Мәмлекетлик бағдарлама ҳәм оны тастыйықлаў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президенти Пәрманы жойбарлары кең жәмийетшилик додалаўынан өткерилмекте.

Итибарлы тәрепи, быйылғы Мәмлекетлик бағдарлама жойбарында «Өзбекстан – 2030» стратегиясында белгилеп берилген мақсетлер менен бир қатарда Президенттиң 2024-жыл 18-20-ноябрь күнлери Олий Мажлис палаталары мәжилислеринде шығып сөйлеген сөзинде алға қойылған басламалар өз көринисин тапқан.

Мәмлекетлик бағдарлама жойбарында 5 тийкарғы бағдар бойынша 2025-жыл ушын 295 әмелий илажлар, 87 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер дизими ҳәм мақсетли көрсеткишлер нәзерде тутылмақта. Әҳмийетли тәрепи, жойбарға соңғы жыллары депутатлар, кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм экспертлер тәрепинен билдирип киятырған пикир-усыныслар да киргизилген.

Соның ишинде, Мәмлекетлик бағдарлама жойбарында миллий раўажланыўымыздың әҳмийетли ҳәм тийкарғы бағдары болған медицина ҳәм билимлендириў тараўларында басланған реформаларды жаңа басқышқа алып шығыўға қаратылған бир қатар басламалар жәмийетшиликтиң додалаўы ушын усыныс етилген. Усы жерде, ҳақыйқатында да кейинги жыллары  мәмлекетимизде усы тараўларды раўажландырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылғанлығын атап өтиў керек. Ҳәр жылғы мәмлекетлик бағдарламаларда бул бойынша анық ўазыйпа ҳәм мақсетли көрсеткишлер белгиленди.

Атап айтқанда, усы жылғы Мәмлекетлик бағдарлама жойбарының Ҳәр бир инсанға өз имканиятын жүзеге шығарыўы ушын мүнәсип шараятлар жаратыў бағдары шеңберинде 2025-жылдан баслап медицинаның басланғыш буўынында шаңарақлық поликлиникалар, шаңарақлық шыпакерлик пунктлери ҳәм мәҳәлле медициналық пунктлерде халыққа басланғыш медициналық–санитариялық жәрдем көрсетиўдиң нәтийжели системасын енгизиў нәзерде тутылмақта.

Көп тармақлы орайлық поликлиникалардың жумысын орайлық емлеўханалардың мәсләҳәт диагностика поликлиникасы сыпатында жолға қойыў ҳәм орайласқан лабораториялар шөлкемлестириў, стоматология хызметин аутсорсинг тийкарында жеке меншик секторға бериў, шыпакер қабыллаўына гезекти толық электрон түрге өткериў, ўәлаят дәрежесиндеги қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетиўши медицина мәкемелерин басқарыў, қаржы ҳәм шөлкемлестириў жағынан заманагөй көп тармақлы клиникалар түринде қайта шөлкемлестириў усылардың қатарына киреди.

Халықтың саламатлығы бағдарындағы илажларды белгилеўде ҳәр бир жас категориясы, кеселликлер түри ҳәм топары, қәўиплилик дәрежеси, халықтың социаллық жағдайы сыяқлы барлық жағдайлар қамтып алынғанлығы бәрше ўатанласларымызды қуўандырмақта. Егерде тараў қәнигелери ҳәм халқымыздың усыныслары тийкарында бул илажлар және де жетилистирилип қабыл етилсе, пуқараларымыздың мәмлекетлик медициналық хызметлерге болған исениминиң және де артыўына ерисиледи.

Мысалы ушын, бағдарлама жойбарының балалар арасындағы нәсиллик кеселликлердиң алдын алыў ҳәм емлеў нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде нәсиллик кеселликлер менен кеселленген балаларды дәри қураллары, медициналық буйымлар ҳәм шыпалы азық-аўқатлар менен 100 процент тәмийинлеў нәзерде тутылмақта. Соның менен бирге, жүрек-қан тамыр, диабет кеселлиги бар наўқасларды емлеў де 100 процентлик көрсеткиште қамтып алынады. 1 миллион нәресте туўма гипотиреоз, фенилкетонурия кеселликлерин анықлаў бойынша неонтал скринигтен, 3-18 жастағы 10 миллион бала онкогематологиялық кеселликлерди ерте анықлаў бойынша ғалабалық ҳәм селектив скринингтен өткериледи.

Қәўипли топарға тийисли болған халықты онкологиялық кеселликлер бойынша скрининг тексериўлеринен өткериў, қәўипли өспе кеселликлеринен бир жылға шекемги өлим көрсеткиши 13,8 проценттен жоқары болмаўына ерисиў ушын орайлық поликлиникаларда «Онкоқадағалаў ханасы» ушын айрықша акушер-гинеколог шыпакери штаты ажыратылады. Нәтийжеде жылына 700 мың ҳаял-қызды жатыр мойны раги ҳәм 1,5 миллион ҳаял-қызды көкирек бези рагин ерте анықлаў бойынша мақсетли скринингтен өткериўге ерисиледи.

Әлбетте, кеселликлерге қарсы нәтийжели гүресиў бул тийкарғы ўазыйпа. Бирақ, халықтың кеселликке шалыныўының алдын алыў, атап айтқанда, жуқпалы болмаған кеселликлер профилактикасының нәтийжелилигин арттырыў ҳәм жәмийетте саламат турмыс тәризин қәлиплестириў оннан да әҳмийетли болып есапланады.

Соның ушын, Мәмлекетлик бағдарлама жойбарының 31-32-бәнтлеринде халықтың физикалық белсендилиги дәрежесин арттырыў, үлкен жастағы халық арасында дурыс аўқатланыў, физикалық белсендилик ҳәм жуқпалы болмаған кеселликлер профилактикасы бойынша индивидуал ҳәм ғалабалық үгит-нәсиятлаў илажларын өткериўге қаратылған илажлар да усыныс етилмекте.

Қалаберди, жойбарда билимлендириў ҳәм илим бағдарында да мәмлекетимиздиң раўажланыўы менен байланыслы болған баслы ўазыйпалар белгиленген. Атап айтқанда, айрықша билимлендириў мүтәжлигине ийе оқыўшылар менен ислесетуғын оқытыўшыларды сертификатлаў әмелиятын жолға қойыў, республиканың ҳәр бир районында (қаласында) басқышпа-басқыш инклюзив билимлендириў талапларына жуўап беретуғын кеминде биреўден улыўма билимлендириў мектебиниң жумысын шөлкемлестириў усылардың қатарына киреди.

Бизге белгили, Бас нызамымызда Өзбекстан социаллық мәмлекет деп белгиленген. Жаңа редакциядағы Конституция қабыл етилгеннен берли бул бойынша көплеген басламалар турмысымызға енгизилди. Әсиресе, жаслардың жоқары билим алыў имканиятын кепиллеўде бул бағдардағы басламалар халқымыз тәрепинен қоллап-қуўатланбақта.

Мәмлекетлик жоқары билимлендириў шөлкемлериниң шөлкемлестириў ҳәм қаржылай еркинлигин арттырыў, олардың жумысына өзин-өзи басқарыў принципин кеңнен енгизиў арқалы қаржылай еркинлик берилген мәмлекетлик жоқары билимлендириў шөлкемлериниң ўәкилликлери кеңейтиледи. Онда оларға жоқары оқыў орнының басқарыў хызметкерлери ҳәм профессор-оқытыўшыларының жумыс нәтийжелилигин баҳалаў нормаларын (KPI) белгилеў, дәраматлар ҳәм қәрежетлер параметрлерин тастыйықлаў, жоқары оқыў орнының инновациялық ҳәм басқа қорлардың қаржыларын жумсаў тәртиби ҳәм бағдарларын белгилеў ҳәм жоқары оқыў орнының бюджеттен тысқары раўажландырыў қорының қаржыларынан пайдаланыў тәртиби енгизиледи.

Инсанның  имканиятын жоқарылатыў, билимлендириў ушын қолайлы орталық жаратыў жумысларын шөлкемлестириў мақсетинде 2025-2026-оқыў жылынан Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университети экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи сыяқлы билимлендириў бағдарлары ҳәм қәнигеликлери бойынша жетекши жоқары билимлендириў шөлкеми етип белгиленбекте.

Сондай-ақ, бул жоқары оқыў орнында «циркуляр экономика» билимлендириў бағдарында кадрлар таярлаў әмелияты жолға қойылады. Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университетиниң «жасыл техникумлары» жумысы жолға қойылады.

Жоқары билимлендириўде грант орынларын басқышпа-басқыш арттырыў есабынан анық ҳәм тәбийғый пәнлер, инженерлик-техника, хызметлер, медицина сыяқлы тараўларда мәмлекетлик буйыртпа 25 мыңға жеткериледи. Бул бағдарда халықаралық тәжирийбени үйлестириў, жетекши кадрларды таярлаў мақсетинде «Эл-юрт умиди» қоры тәрепинен экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи билимлендириў бағдарламалары тийкарында оқыў ушын стипендия таңлаўына 20 ға шекем квота ажыратылады.

Улыўма алғанда, 2025-жылғы Мәмлекетлик бағдарламаның жойбарында тек ғана социаллық емес, қалаберди, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл экономика» мәселелери, сондай-ақ, социаллық-экономикалық, мәмлекетлик басқарыў, суд-ҳуқық, қәўипсизлик ҳәм сыртқы сиясат бағдарларында кең көлемли ўазыйпа ҳәм илажлар усыныс етилген.

Гезектеги ўазыйпа ўатанымыздың раўажланыўы, жасларымыздың ертеңги күнине бийпәрўа болмаған ҳәр бир пуқара усы жойбардың 22-январь күнине шекем болып өтетуғын додалаў процесслеринде өз пикир-усыныслары менен белсене қатнасыўы болып есапланады. Ҳәр бир тараўда, өзимиз жасап атырған аймақта 2025-жылы әмелге асырылатуғын унамлы басламалар бүгин Мәмлекетлик бағдарлама жойбарын додалаўға белсене қатнасыўымызға байланыслы. Егер биз бүгин өз басламаларымызды усы ҳүжжетте сәўлелендирсек, бул өзгерислер жылдың ақырына шекем турмысымызға енгизиледи.

Гулнорахан АБДУВОҲИДОВА,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының

Мийнет, денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық мәселелер  комитетиниң ағзасы.

ӨзА